# Жойтсаң, сырлас жазған қосығым менен...
Бүлбүллер сайраса менсиз бағыңда ,
Я қыйналсаң, я қууанған уағыңда,
Сағыныш сарғайтып,күткен шағыңда,
Жойтсаң, сырлас жазған қосығым менен.
Алып- ушып, сыймасаң жер бетине,
Сөзден ашшы таяқ тийсе етиңе,
Жәй ғана шығысып, ауыл шетине,
Жойтсаң, сырлас жазған қосығым менен.
Көзиңнен төгиуши болма, бир дүрди,
Десин, " жалпағына өмирди сүрди",
Қыялым хәмийше қасыңда жүрди,
Жойтсаң, сырлас жазған қосығым менен.
Аулатпа кеулиңди муң хәм қайғыға,
Қәлесең жаулайсаң аспан, айдыда,
Соныңдай қәддиңди жерге сай қылмай,
Жойтсаң, сырлас жазған қосығым менен.
Келер бир- биреусиз бәхәр, жаз, гүзлер,
Бағда гүл шайқалып, шаңғытар дүзлер,
Енди кеуиллерде жасаймыз бизлер,
Жойтсаң, сырлас жазған қосығым менен.
Гулзар Қурбанбаева ✍
Сахра гүли ⚘ 31.03.2022.
Бүлбүллер сайраса менсиз бағыңда ,
Я қыйналсаң, я қууанған уағыңда,
Сағыныш сарғайтып,күткен шағыңда,
Жойтсаң, сырлас жазған қосығым менен.
Алып- ушып, сыймасаң жер бетине,
Сөзден ашшы таяқ тийсе етиңе,
Жәй ғана шығысып, ауыл шетине,
Жойтсаң, сырлас жазған қосығым менен.
Көзиңнен төгиуши болма, бир дүрди,
Десин, " жалпағына өмирди сүрди",
Қыялым хәмийше қасыңда жүрди,
Жойтсаң, сырлас жазған қосығым менен.
Аулатпа кеулиңди муң хәм қайғыға,
Қәлесең жаулайсаң аспан, айдыда,
Соныңдай қәддиңди жерге сай қылмай,
Жойтсаң, сырлас жазған қосығым менен.
Келер бир- биреусиз бәхәр, жаз, гүзлер,
Бағда гүл шайқалып, шаңғытар дүзлер,
Енди кеуиллерде жасаймыз бизлер,
Жойтсаң, сырлас жазған қосығым менен.
Гулзар Қурбанбаева ✍
Сахра гүли ⚘ 31.03.2022.