2
Ким аяйды алагөлек "шөже"ни,
Ашырқаса иш деп сүтли гөжени,
Палапан ғой әменгерден айрылған,
Ҳақ дус етти сол ўақта бир әжени.
'Тоңып қапсаң,балам үйге жүр" деди,
"Салқында дым қатыпсаң зир-зир" деди,
Сабап кетер және сурбет-жөликлер,
Бул заманда көп ғой кеўли кир" деди,
Сөй деп аяп ерте берди изине,
Жас жүреги жибип кетти сөзине,
Бир тапалтас пайда болды тосаттан,
Қара көзәйнекти таққан көзине.
Айтты: -Күни менен сырттан бақладым,
Бирақта индемей әдеп сақладым,
Маған тап усындай хызметши керек,
Излеп таппай дийўанадай ҳақладым.
Әкетемен!-деди дәўдей гүрилдеп,
Бала пақыр қорқып кетти зирилдеп,
Кемпир сорлы ҳеш зат демей,бул болса,
Айтқанына көне берди дирилдеп.
Малибуге мингизди де ҳайт қойды,
Кетип баратырып сондай шәрт қойды:
-Ал айтайын қыйын емес жумыс бар,
Қолым тиймес күнде саўып ҳайт-тойды.
Әжағаңа жарансаң ғой жағасаң,
Еле көрип таңлайыңды қағасаң,
Зор ийтим бар,көрсең аўзың ашылар,
Соны күнде тарап-сылап бағасаң.
Оның ушын үш күннен қой сойдырып,
Сақлатаман музлатқышқа қойдырып,
Сом сур гөш пе, жилик сүйек бәри бар,
Жақсы қарап мәпелейсең тойдырып!
Сөй деўден-ақ жетип барды үйине,
Күнликши қул тапқанына сүйине,
Жетимектиң көрген күни қурысын,
Таңда бир сес соққы берди мийине.
Бул не деген нық қышқырық-айбарақ!
Шапшып турды омбалақта-жумбалақ,
-Ҳәй сен маңқа екенсең ғой "қара жол",
Деп урғанда асып түсти тоңқалақ.
Неғламан-аў қулбәшшениң арзанын,
Келдиңдағы өлип шықты "Тарзаным",
Тур жоқ бол тез!Бундайларға әдира,
Зәўлим сарай, май қайнаған қазаным!
Услайынша етип қатты безилди,
Ол кисиниң табанында езилди,
Бас саўғалап зорға қашып жырылды,
Енди бунда оңыспасы сезилди.
Зыңғый берди болып шыббын-пәтпелек,
Ашқарынға әнтелекте-тәнтелек,
"Мәрдикар базар"ға жетип келгенде,
Алагеўгим мәҳәл еди ертерек.
Аяқ астым кетпес пе деп ойылып,
Қара терге батып қалған сойылып,
Бул байғусқа ким бир шайнам нан берер,
Айнанайын ала ғой деп тойынып.
Жән-жағына қарай берди қыйылып,
Ҳә демей-ақ бираз адам жыйылып,
Сол бийтаныс жәмәәттиң ишинде,
Тура берди үнсиз иштен тыйылып...
Ким аяйды алагөлек "шөже"ни,
Ашырқаса иш деп сүтли гөжени,
Палапан ғой әменгерден айрылған,
Ҳақ дус етти сол ўақта бир әжени.
'Тоңып қапсаң,балам үйге жүр" деди,
"Салқында дым қатыпсаң зир-зир" деди,
Сабап кетер және сурбет-жөликлер,
Бул заманда көп ғой кеўли кир" деди,
Сөй деп аяп ерте берди изине,
Жас жүреги жибип кетти сөзине,
Бир тапалтас пайда болды тосаттан,
Қара көзәйнекти таққан көзине.
Айтты: -Күни менен сырттан бақладым,
Бирақта индемей әдеп сақладым,
Маған тап усындай хызметши керек,
Излеп таппай дийўанадай ҳақладым.
Әкетемен!-деди дәўдей гүрилдеп,
Бала пақыр қорқып кетти зирилдеп,
Кемпир сорлы ҳеш зат демей,бул болса,
Айтқанына көне берди дирилдеп.
Малибуге мингизди де ҳайт қойды,
Кетип баратырып сондай шәрт қойды:
-Ал айтайын қыйын емес жумыс бар,
Қолым тиймес күнде саўып ҳайт-тойды.
Әжағаңа жарансаң ғой жағасаң,
Еле көрип таңлайыңды қағасаң,
Зор ийтим бар,көрсең аўзың ашылар,
Соны күнде тарап-сылап бағасаң.
Оның ушын үш күннен қой сойдырып,
Сақлатаман музлатқышқа қойдырып,
Сом сур гөш пе, жилик сүйек бәри бар,
Жақсы қарап мәпелейсең тойдырып!
Сөй деўден-ақ жетип барды үйине,
Күнликши қул тапқанына сүйине,
Жетимектиң көрген күни қурысын,
Таңда бир сес соққы берди мийине.
Бул не деген нық қышқырық-айбарақ!
Шапшып турды омбалақта-жумбалақ,
-Ҳәй сен маңқа екенсең ғой "қара жол",
Деп урғанда асып түсти тоңқалақ.
Неғламан-аў қулбәшшениң арзанын,
Келдиңдағы өлип шықты "Тарзаным",
Тур жоқ бол тез!Бундайларға әдира,
Зәўлим сарай, май қайнаған қазаным!
Услайынша етип қатты безилди,
Ол кисиниң табанында езилди,
Бас саўғалап зорға қашып жырылды,
Енди бунда оңыспасы сезилди.
Зыңғый берди болып шыббын-пәтпелек,
Ашқарынға әнтелекте-тәнтелек,
"Мәрдикар базар"ға жетип келгенде,
Алагеўгим мәҳәл еди ертерек.
Аяқ астым кетпес пе деп ойылып,
Қара терге батып қалған сойылып,
Бул байғусқа ким бир шайнам нан берер,
Айнанайын ала ғой деп тойынып.
Жән-жағына қарай берди қыйылып,
Ҳә демей-ақ бираз адам жыйылып,
Сол бийтаныс жәмәәттиң ишинде,
Тура берди үнсиз иштен тыйылып...