3
Адам түуе заман өзи сапыран,
Ишқыста боп қусып жүрген запыран,
Былай турсын бала деген хәттеки,
Бийталап жүр улкен жигит науқыран.
Бир болса да кәруан, бөлек ырысқы,
" Қул базар ға" көплеген жан ығысты,
"Жумыс бар деп келген қарны мешлерге",
Жағыныуға барын салып тырысты.
Шетиректе турды бала сескенип,
Сол уақ бир қол баса кетти еңсени,
- Әй палапан, неғып жүрсең адасып?,
Сорау қойды, аяғында теңселип...
Батыр деди:- Ассалаума әлейкум!
Зериккеннен жүрер дейсиз, бунда ким?!
Бул баланың кесип айтқан сөзинен,
Бир бозарып, бир күлди урғандай жин.
-Талап излеп келген болсаң табамыз,
Хәзир жарыспаққа сонда шабамыз,
Тап өзиңдей үш- төрт бала ислейди,
"Келиспесек бир- биреуди қабамыз".
Тап " Тарзанды" еслетти сойлақ тиси,
Келиспеген келбети бойшаң киси,
Екиленип ойланса да, илаж жоқ,
Болмаған соң басқалардың дым иси.
Ере берди, қорыққанын сездирмей,
Бар қыялын жаман ойға гездирмей,
- Тап усыннан жақсы болса жумысым,
Көп ислеймен қожайынды бездирмей.
Хәп заматта жетип келди үйге бир,
Сойлақ аға, деди аяқ шешпей кир,
Таң қалғаны, иште өзи қатарлы,
Төрт- бес бала алба- жулба болып жүр.
Келди десип бизге және " новинкий",
Ай как рас, жумысқа мас " тоненький",
Буны аяп тийин- тебен көп берер,
Деп күлисти, өзиде бир " мөминкий".
Батыр бираз жатырқады басында,
Пайда болды толған бала қасында,
Еситкен соң шәй үстинде мән- жайды,
Бул жумысқа қызықсынды расында.
Бергеннен соң жыртық дамбал путына,
Қожайыны сөйледи кеп жутына,
Қандай жағдай болсадағы бәтшағар,
Ийелик ет қолыңдағы " қутыңа".
Ойнайсаң деп жетим бала рольин,
Ақша алмай өткермейсең биреуин,
Жылап- сықла, бирақ сатып қоймайсаң,
Артыңдағы айбат Мендей тиреуиң.
Ашқарынға жатып таңды атырған,
Қатты нан жегени шайға батырған,
" Кәсиплеслер" үйренген- ау шамасы,
Жуп- жупыны кийимлерин қатырған.
Сынық айна алдында тур дизилип,
"Репетиция" қылар ишек үзилип,
Ал биреуи, мурнын тартып барлайды,
Көз астынан " клиентлер" ге сүзилип.
Батыр жетим бала өзи хағынан,
Қыйын ойнау " масқарапаз" жағынан,
Келе берди шын көз жасы қуйылып,
Жүректеги питпейтуғын дағынан.
Жылай- жылай тарқатыпты шерлерин,
Ата- Ананың айтып жатқан жерлерин,
Зар еңиреп, аңламапты алдырған,
Күн бойына тапқан" қара терлерин".
Қарақшысы басқан уры усы ма?,
Шаншыу тийди жүрегиниң тусына,
Күтип алған сақылдатып тислерин,
Қожайыны пәнже салды " қусына".
Тағы қалды түн жарпында далада,
Уйықламайды екен Халық қалада,
Бир отырғыш тауып алып қыйсайды,
Үмит оты сөнгендей боп балада.
Адам түуе заман өзи сапыран,
Ишқыста боп қусып жүрген запыран,
Былай турсын бала деген хәттеки,
Бийталап жүр улкен жигит науқыран.
Бир болса да кәруан, бөлек ырысқы,
" Қул базар ға" көплеген жан ығысты,
"Жумыс бар деп келген қарны мешлерге",
Жағыныуға барын салып тырысты.
Шетиректе турды бала сескенип,
Сол уақ бир қол баса кетти еңсени,
- Әй палапан, неғып жүрсең адасып?,
Сорау қойды, аяғында теңселип...
Батыр деди:- Ассалаума әлейкум!
Зериккеннен жүрер дейсиз, бунда ким?!
Бул баланың кесип айтқан сөзинен,
Бир бозарып, бир күлди урғандай жин.
-Талап излеп келген болсаң табамыз,
Хәзир жарыспаққа сонда шабамыз,
Тап өзиңдей үш- төрт бала ислейди,
"Келиспесек бир- биреуди қабамыз".
Тап " Тарзанды" еслетти сойлақ тиси,
Келиспеген келбети бойшаң киси,
Екиленип ойланса да, илаж жоқ,
Болмаған соң басқалардың дым иси.
Ере берди, қорыққанын сездирмей,
Бар қыялын жаман ойға гездирмей,
- Тап усыннан жақсы болса жумысым,
Көп ислеймен қожайынды бездирмей.
Хәп заматта жетип келди үйге бир,
Сойлақ аға, деди аяқ шешпей кир,
Таң қалғаны, иште өзи қатарлы,
Төрт- бес бала алба- жулба болып жүр.
Келди десип бизге және " новинкий",
Ай как рас, жумысқа мас " тоненький",
Буны аяп тийин- тебен көп берер,
Деп күлисти, өзиде бир " мөминкий".
Батыр бираз жатырқады басында,
Пайда болды толған бала қасында,
Еситкен соң шәй үстинде мән- жайды,
Бул жумысқа қызықсынды расында.
Бергеннен соң жыртық дамбал путына,
Қожайыны сөйледи кеп жутына,
Қандай жағдай болсадағы бәтшағар,
Ийелик ет қолыңдағы " қутыңа".
Ойнайсаң деп жетим бала рольин,
Ақша алмай өткермейсең биреуин,
Жылап- сықла, бирақ сатып қоймайсаң,
Артыңдағы айбат Мендей тиреуиң.
Ашқарынға жатып таңды атырған,
Қатты нан жегени шайға батырған,
" Кәсиплеслер" үйренген- ау шамасы,
Жуп- жупыны кийимлерин қатырған.
Сынық айна алдында тур дизилип,
"Репетиция" қылар ишек үзилип,
Ал биреуи, мурнын тартып барлайды,
Көз астынан " клиентлер" ге сүзилип.
Батыр жетим бала өзи хағынан,
Қыйын ойнау " масқарапаз" жағынан,
Келе берди шын көз жасы қуйылып,
Жүректеги питпейтуғын дағынан.
Жылай- жылай тарқатыпты шерлерин,
Ата- Ананың айтып жатқан жерлерин,
Зар еңиреп, аңламапты алдырған,
Күн бойына тапқан" қара терлерин".
Қарақшысы басқан уры усы ма?,
Шаншыу тийди жүрегиниң тусына,
Күтип алған сақылдатып тислерин,
Қожайыны пәнже салды " қусына".
Тағы қалды түн жарпында далада,
Уйықламайды екен Халық қалада,
Бир отырғыш тауып алып қыйсайды,
Үмит оты сөнгендей боп балада.