{6-сөз}
ҚӘДИРИН БИЛМЕС:
Жаман еркек яр қәдирин билмес,
Жайсыз әйел ер қәдирин билмес,
Жалқаў адам тер қәдирин билмес,
Шөллемеген суў қәдирин билмес,
Аш болмаған нан қәдирин билмес,
Бақпағанлар мал қәдирин билмес,
Егин екпей жер қәдирин билмес,
Басына ис түспеген, дос қәдирин билмес,
Парқын аңлап сөйлемеген, сөз қәдирин билмес,
Туўасысын жаманлаған туўған қәдирин билмес,
Бәринен де жаманы---сатқын ел қәдирин билмес.
ҚӘДИРЛИ:
Ер азамат жигитке--яр қәдирли,
Сөз мәнисин билгенге--сөз қәдирли,
Терлеп отын шапқанға--отын қәдирли,
Шетте жүрген мүсәпирге--Ўатан қәдирли,
Қалтаға түсер кисапырға--қалтаң қәдирли,
Шын сүйгенлерге--муҳаббат қәдирли,
Зарын тартқанларға--перзент қәдирли,
Адамзатқа--АНА қәдирли,
Аўырыўға--жан қәдирли,
Мийнет пенен тапқан--НАН қәдирли.
ТУРМЫСЛЫҚ МЫСАЛ:
Бир адамды биреўлер қатты аўыр сөзлер айтып қапа етти, ол жумыстан киятырып, усыларды ойлап уўайым теңизине батып киятыр еди. Өзиниң адамгершилик қунлылығы хорланып, күйе жағылғанын сезинди. Буның пикирлери елеўсиз қалып, әдилсизлик пенен шешим қабылланған еди. Мине, бул адам усыны ойлап қатты қыйналып келер еди, сонлықтан, буны ойынан шығарып таслай алмай гүйзеле берди.
Бир ўақытта қалтасына қолын салып еди, ақша салынған шыжлан қалтасы жоқ! Урлатып алыпты! Солай...онда бирталай ақшасы бар еди. Енди бул адам моральлық уўайымын умытып, ақшасына алағада бола баслады. Ақшасын! Қатты уўайым шекти, енди жетиспей турғаны сол еди!
Тап усы ўақытта оның артынан қасқыр қуўды. Сөйтип ол урлатқан ақшасын уўайымлаўды умытып жан сақлаў ҳәлегине түсип кетти. Жан ҳалатта қасқырдан қашып, басқа нәрсе ҳаққында ойлаўға да шамасы жоқ еди. Тек мына жаўыз ҳайўан қуўып жетпесе болар еди. Өмирин қутқарыўы керек!
Мине, адам деген "қам сүт емген" бенде усындай! Ҳәзир ең баслысы, тек қашып қутылыў керек. Шығын соңынан есаплана берер. Солааай....адам неге мүтәж болса, тек соның ғана қәдирин басына түскенде биледи.
Доктор Шелдрейк: :
---Суўдың жанында отырып, оған Муҳаббат ҳәм Ҳүрмет намаларын жолласаңыз, жер шарының алыс точкаларындағы қандай да инсан бул муҳаббат, ҳүрметти кеўилине түйеди. Қай жергедур барыўыңызға ҳәжет жоқ. Сиз тигилип отырған Суў планетаның бәрше точкаларындағы Суўларға Р е з о н а н с береди ҳәм муҳаббатыңыз намасы бәрше инсанлар қәлбине жетип барады. Буны басқаша ислеў де мүмкин: өзиңиз жақсы көрген инсан, мәкан жайын айтып, оған деген кеўилдеги жыллы сөзлериңизди айтыўға болады.
{"Түсиңди суўға айт",--деген усы шығар!😊}
#Shahzoda_Allamuratova