ҚАРАҚАЛПАҚ МИЛЛИЙ ҚОСЫҚЛАРЫ dan repost
#Рәўият
📗Бесиктиң пайда болыўы.
🌴
Кең қулаш жайған түрки жерлерин аты шыққан Мийзан бап баба қорғайды екен. Қара қытайлар бул жерлерге көз алартып шабыўыл жасайын десе Мийзан баптан қорқады екен. Бабамыздың бир әдети терек егиў бағ турғызыў болып бул кейин ала кәсипке айланып кетипти. Ел-журт бағдың пири Мийзан бап деп атайтуғын болыпты. Усы түркий халықлар жерлериндеги қалың тоғайлар сол атаның еккен тереклери деседи.
Баба бир жүз елиў жыл жасап қайтыс болыпты. Баптың қайтыс болғанын еситкен қытайлар бир күнде келип оның тоғайларына от берип жиберипти. Сол ўақытта Мийзан баптың баласы Айдарбек бий алыста жүр екен. Әкеси түсине аян берип: "Пейли тар көре алмаслар мениң тоғайларымды өртеди",- дейди. Айдарбек бий ертеңине жетип келеди. Тоғайлықтың бәри жанып болыпты тек ғана бес терек шақалары жанбай қалыпты. Бий әкесине Қуран оқып сол жанбай қалған путаларды алып үйине қайтады.
Бир күни Айдарбек бийдиң туу́ылған баласы жылай береди. Ҳаялы екеўи не ислерин билмей албырап қалады. Тәў́иплерди әкелип көрсетседи қызы жубанбайды. Бий қатты қыйналып, қызының жылағанына шыдамай сыртқа шығып кетеди де Аллатааладан тилек тилеп шыпа сорайды. Бир ўақытта қызының даў́сы шықпай тоқтап қалады. Бир нәрсе болдыма екен деп ишке жуўырып кирсе қызының қасында ақ кийимли бир адам отыр екен. Ол жанбай қалған путаларды бир-бирине қурастырып ишине бөпени салып тербетип отыр екен. Айдарбек жақынлаған ўақытта сол адам көзден ғайып болады. Бий буны Алладан келген ишара деп түсинеди. Ертеңине сол бес ағашдан бесик соғады. Қызын соған салса жубанып, мазалы уйқыға кетеди. Соннан бесик пайда болып ол кейин ала қәсийетли затқа айланып халық арасында кең жайылады. Сол себептен "бесикти отқа жақпа", " аяғыңа баспа", " қәдирлеп усла" деген түсиниклер пайда болған.
📝📝📝
@ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler