ToshDAU Nukus filiali u'yde


Kanal geosi va tili: ko‘rsatilmagan, ko‘rsatilmagan
Toifa: ko‘rsatilmagan


tdaunukus.uz saytidagi yangiliklarni telegram kanalida oʻqish.

Связанные каналы

Kanal geosi va tili
ko‘rsatilmagan, ko‘rsatilmagan
Toifa
ko‘rsatilmagan
Statistika
Postlar filtri


Мүриўбетлик ҳәм жәрдем бериў инсаныйлық, меҳир-ақыбет жемиси есапланады. Мүриўбетлилик пенен аўыр аҳўалдағы инсанларға жәрдем бериледи. Оны алыўшы усы жәрдем тийкарында өз аҳўалын бираз болса да оӊлап алады. Мүриўбет етиўши болса ийманы, меҳир-ақыбет туйғысы еле де беккемленип, жаратыўшы, тәбият ҳәм инсанлар алдында өз ўазыйпасын орынлаған есапланады. Ҳәзирги қыйын дәўирде финанслық жақтан қыйналған айырым шаӊарақларға қәўендер мекеме ҳәм шөлкемлер, мүриўбетли инсанлар ҳәм исбилерменлер тәрепинен азық-аўқат өнимлери, медициналық нықап ҳәм дәри-дәрмақлардан жәрдем берилмекте. Олар қанша муғдарда берсе де, кеўлинен шығарып бергенлиги ушын өз инсаныйлық парызын өтеген есапланады. Бундай инсанларға қанша миннетдаршылық билдирсек те аз. ϴйткени усындай саўаплы ислер ҳәммениӊ де қолынан келе бермейди. Қыйын аҳўалдағы пухаралар олардыӊ инсаныйлық жәрдемин туўры түсинип дурыс қабыл етиўлери керек деп есаплаймыз. ϴйткени биз ғалаба хабар қуралларында гейбир жәрдемге мүтәж шаӊарақларға финанслық жәрдем көрсетилсе, «не ушын аз, бизди мазақ қылғаны ма» деп наразы болып, кеўли толмай социаллық тармақларға тарқатқаныныӊ, телевидениеге жоллағаныныӊ гүўасы болып атырмыз. Ақыры мүриўбет кеўилден шығарып бериледи, бәлким мүриўбетли инсанныӊ қурбы сол жерге шекем жеткен шығар. Елде бундай мүриўбетлилер тек биреў емес, сан мыӊ. Социаллық жәрдем де бир мәрте берип қойылмайды. Пандемия дәўири өтип кетемен дегенше сиз жәрдемге мүтәж инсанлар мәмлекет ғамхорлығындасыз. Буны дурыс түсинип олардыӊ ҳаққына дуўалар оқыӊ, «маған бергени мынаў» деп олар берген азықлық өнимлерди тәрезиге тартыўдан уялыӊ. Итибар берип қарасаӊыз дүнья жүзиндеги қайсы бир мәмлекетте усындай қайырхомлық ислери исленип атыр?. Еӊ әўеле халықтыӊ басын бирлестирип олардыӊ қәўетерге түсип ҳаўлықпаға берилиўине жол қоймаған журтбасшымызға, қалаберсе мүриўбетли, ғамхор адамлар арасында жасап атырғанымызға миннетдар болыўымыз керек. Кеселликке шалынғанлар да мәмлекет тәрепинен бийпул емленип атырғанынан хабарыӊыз бар. Олар ушын да мәмлекет тәрепинен қаржы ажыратылған. Бул бюджетте де мүриўбетли инсанлардыӊ үлеси бар екенлиги сыр емес. Солай екен, олар берген жәрдем тек азық-аўқат өнимлери ушын емес дәри-дәрмаққа да жумсалмақта. Хабарыӊыз болса айырым шет ел мәмлекетлеринде кеселлик пенен аўырғанлар өз есабынан даўаланып атыр, егер ден саўлығын қамсызландырып қойған болса азы-кем шегирмелер менен емлеп атыр. Ал бизиӊ мәмлекетимизде болса даўалаў пүткиллей бийпул. Бул әлбетте журтбасшымыз ғамхорлығы, меҳир-ақыбетли инсанлар көмеги менен иске асырылып атыр. Биз бундай ғамхорлықты дурыс түсинип, қолды қолға берип бүгинги қыйын күнлер артта қалыўын Жаратқаннан тилеп, Рамазан айында исленип атырған қайырлы, саўаплы ислер есеси менен қайтыўына тилеклеспиз. Халқымыздыӊ ертеден бери киятырған усындай бийбаҳа үрп-әдетлери бүгинги күнде әҳмийетли машқалаға айланып атырған инсанның руўхый жетиклиги, мәденияты, миллий санасы сыяқлы машқалаларды шешиўде, келешек қурыўшылары болған жас әўладты руўхый кәмил инсан етип тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе.
«Жақсыныӊ иси жәннетти», «Мийримлилик жүректен», «Сабыр – адам шериги» сыяқлы даналық сөзлер бийкарға айтылмаған. Биз ойлаймыз, бүгинги пандемия дәўиринде халыққа хызмет етип атырған бәрше жақсылардыӊ иси жәннетке теӊдур, олар шын жүректен халықтыӊ алдағы пәраўан турмысы, келешеги ушын хызмет етпекте. Бундай мәртлик ислерге тек ғана мийримли жүрек ийелери қәдир. Биз жақынларымыздыӊ, өзимиздиӊ қәўипсизлигимиз ушын ўақтынша үйде қалыўымыз шәрт. Бул өткинши күнлер артта қалып карантин тамам болатуғын ўақыт жақын қалғанына исенемиз. Усы қыйын дәўир тезирек өтип кетиўин бәршемиз сабыр етип күтемиз.
Сөзимниӊ жуўмағын журтбасшымыздыӊ төмендеги қатарлары менен жуўмақламақшыман: «Мүриўбет ҳәм жәрдем улыўма халықлық ҳәрекети мәмлекетимиз ҳәм халқымыз бирлигин, оныӊ тәкирарланбас қүдиретин көрсетип, жаӊа тарийх бетлеринен орын алады деп исенемен».
Кунназарова Шолпан


МИЛЛИЙ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИМИЗДЕ МҮРИЎБЕТ ҲƏМ ЖƏРДЕМ ТҮСИНИГИНИӉ СӘЎЛЕЛЕНИЎИ

Үрп-әдет ең дәслеп сөз яки символ сыпатында оны қабыл етип атырған этнос санасында қәлиплеседи. Соң олардың түсинигине сәйкес сөзлер арқалы билдирилип, халық арасында қәлиплеседи.
Неше әсирлерден бери мусылман халқы менталитетине тән үрп-әдетлерден бири – мүтәж адамларға жәрдем қолын созып оларға мүриўбет көрсетиў, қыйналғанда жәрдем бериў. Мүриўбет ҳәм жәрдем дегенимиз не? Мүриўбетлик дегенде инсанлардыӊ қыйын-қыстаў күнлерде бир-бирине жәрдем қолын созыўы, бир-бирин қоллап-қуўатлаўы түсиниледи. Мүриўбетлик айырым адамларға – қәлендер, гедей, майып, күн-көрис аҳўалы басқаларға салыстырғанда бираз төмен инсанларға кеўлинен шығарып берген финанслық жәрдем – пул, мал, нан, басқа да азықлық өнимлер ҳәм кийим-кеншеклер есапланады.
Мүриўбетлик ҳәм жәрдем қолын созыў бизиӊ мусылман халықларыныӊ үрп-әдетлеринде жүдә ертеден бери бар болып, бул меҳир-ақыбет, қол-көмек ҳәм биймиллет жәрдем халық руўхына әзел – әзелден сиӊип кеткен еӊ ағла қәсийетлерден бири десек қәтелеспеймиз. ϴзбекстан қаҳарманы белгили прозаик Т.Қайыпбергеновтыӊ «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясыныӊ «Бахытсызлар» романында ХVIII әсир қарақалпақлар турмысы сәўлелендириледи. Сол ўақытта халықты басқарған Айдос бий «Мүриўбет» күнин белгилейди. Усы күнде елдеги адамлардыӊ бәри бир-бирине мүриўбет көрсетиўи, яғный жәрдемге мүтәж инсанларға қолдан келгенинше көмек берип аўырын жеӊил етиўи, өзинен, бала-шағасынан аўысса финанслық жәрдем бериўи керек. Айдос бий мүриўбетликти дәслеп өзи баслап жетим-жесирлерге, майып ҳәм мүтәжлерге бир баспақтан жетелетеди. Олар қыйын аҳўалда қалса биз қалай тыныш уйқлап, қалай кеўлимиз қәтержам отырамыз, олар бизиӊ мүриўбетимизди күтпейди, бирақ биз өзимиз түсинип соны ислеўимиз керек, сонда олар да ўақты келип турмысы жақсыланса басқаларға мүриўбет көрсете алады. Бул еӊ ағла инсаныйлық пазыйлет деп есаплайды. Демек, бир-биреўге қыйналғанда жәрдем қолын созыў, мүриўбет көрсетиў әзелден халқымыздыӊ қанына сиӊген ағла пазыйлетлерден бири.
Ҳәзир пүткил дүнья жүзи халықлары сынаўлы күнлерди бастан өткерип атыр. Биз бундай қыйыншылықларды бир – биримизге қол берип, бир-биримизди қоллап-қуўатлап жеӊиўимиз керек. Республикамыз президенти Ш.Мирзиёев 20-апрельде өткерилген видеоселектор мәжилисинде усындай сынаўлы күнлерде халқымыздыӊ жәрдем ҳәм мүриўбетке мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Мүриўбет ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў ҳаққындағы басламасын жәмийетшилик көтериӊки руўхта қабыл еткенине миннетдар болды. Бул мәселе бойынша жасы үлкен нуранийлер, алымлар, мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери, ҳүрметли уламалар, бизнесте бирге ислесиўшилер, жаслар тәрепинен ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақларда билдирилген пикирлер, қалыс мүнәсибетлер усындай жақсы пазыйлет халқымыз жүрегинде, қәлбинде бар екенлигин тастыйықлап тур деген еди. Бир-биреўге мүриўбет ҳәм жәрдем бериў халқымыз қәлбинде әзелден бар екенлигин бүгинги усы умтылыслар және бир мәрте тастыйықлады деп, усы басламаны шын кеўилден қоллап-қуўатлап саўаплы иске мүнәсип үлес қосып атырған барлық ўатанласларымызға, мүриўбетли исбилерменлерге муқаддес китапларымызда айтылған «Жақсылықтыӊ инамы – тек ғана жақсылықдур» деген гәпин және бир мәрте еслетип өтти.


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#TalabalarKarantinda
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Кеңесбаева Роза

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы Агробиология факультети
«Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологияси» қәнигелигиниң 1-курс студенти

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Жерге меҳир берсең, жер сени бағады

Дәўлетмуратова Бийбирәўшан

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы «Өсимликшилик, тоғайшылық ҳәм дәрилик өсимликлер кафедрасы» оқытыўшысы

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Жерге меҳир берсең, жер сени бағады

САБИРОВ ГЕНЖЕНАЗАР

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы «Өсимликшилик, тоғайшылық ҳәм дәрилик өсимликлер кафедрасы» доценти

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali




#FoydaliKarantin
Тил билген-ел биледи

Онлайн курс нәтийжелеринен:

Тил билген-ел биледи. Ҳақыйқатында да бугин шет тиллерин жақсы меңгерсең илим жолында ҳеш қашан тосқынлыққа ушырамайсаң. Өйткени, интернет арқалы халық аралық таңлаўларға қатнаспақшы сырт ел илим журналларында мақалалар шығармақшы болсаң әлбетте усы тиллерге жүзленесең. «English (Beginner)» 72 саатлық онлайн курсына да қатнасыў ушын әлбетте усы тилди билиўге туўра келеди.
Филиалымыздың излениўшилериниң бири Галия Губенова да шет тилге болған қызығыўшылығының нәтийжесинде онлайн курсқа қатнасты. Нәтийжесин болса оған инам етилген сертификатынан билиўиңизге болады.
Демек, филиал оқытыўшылары карантин пайытында «студентлерди аралықтан оқытсақ болды»- деп жүрмегенин Галия Губенованың жетискенлиги мысылында көриўимиз мүмкин. Биз алдыңғы жумысларында да Галияға табыслар тилеймиз.
Ҳәм барлық оқытыўшылар менен бирге студент жасларды белсендиликке шақырып қаламыз.

Ӯақыт зымырап тоқтаўсыз өте береди. "Ӯақытың кетти бахытың кетти"- делингениндей карантин пайытында ўақытыңызды босқа өткермең! Ойткени ўақытты ҳеш қашан изге қайтара алмайсаң, әзиз оқыўшым!.
Биз сизден жетискенликлерди, жаңалықларды күтип қаламыз.

Филиал баспа сөз хаткери Ҳүрлиман Машерипова

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali




#FoydaliKarantin

Онлайн курс нәтийжелеринен

Хабарыңыз бар, «Жокары билимлендириў министрлиги» тәрепинен "Масофавий таьлимни ташкил этиш технологиялари", «English (Beginner)» 72 саатлық онлайн курслар шөлкемлестирилген. Карантин пайытынан үнемли пайдаланып атырғанлар усы курсларға қатнасып өз тәжирийбелерин арттырмақта. Филиалымыздың «Дийқаншылық, аўыл хожалығы егинлери селекциясы ҳәм туқымгершилиги кафедрасы окытыўшысы Ажиниязова Мехрибан да усы 2 курсқа қатнасып өз билимлерин сыннан өткерди. «Қазанда бар болса шөмишке илинеди» делингениндей Мехрибан 72 саатлық онлайн курсларды нәтийжели жуўмақлап арнаўлы сертификат алыўға еристи. «Талабында болсаң қар жаўар» деген даналық гәпте бийкарга айтылмаған. Демек, Мехрибан киби талантлы жас илим изленишилер ҳәрекетте болса әлбетте жетискенликлерди қолға киргизе берери анық. Буның ушын аз ғана мийнет, изленис керек. Усы илим жолында өз жолын даўам еттирип атырған Мехрибанға еле де табыслар тилеймиз.

Баспа сөз хаткери Ҳ.Машерипова
https://t.me/ToshDAU_Nukus_fi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#TalabalarKarantinda
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Сейтмуратов Бекмурат

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы «Балықшылық ҳәм жипекшилик» факультети
" Балықшылық " қәнигелигиниң 1-курс студенти

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#TalabalarKarantinda
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Айтбаева Индира

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы Агробиология факультети
«Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологияси» қәнигелигиниң 3-курс студенти

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Жерге меҳир берсең, жер сени бағады

Утепбергенов Адилбай

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы «Агробиология» факультетиниң деканы, доцент

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Жерге меҳир берсең, жер сени бағады

Мақулбаев Қудайберген

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы «Агроинженерия ҳәм инвестициялық искерлик» факультетиниң декан орынбасары

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#TalabalarKarantinda
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Турдыбаева Алтынай

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы «Балықшылық ҳәм жипекшилик» факультети
" Жипекшилик ҳәм тутшылық " қәнигелигиниң 1-курс студенти

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#TalabalarKarantinda
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Мәмбетова Зухра

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы «Балықшылық ҳәм жипекшилик» факультети
" Жипекшилик ҳәм тутшылық " қәнигелигиниң 1-курс студенти

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#TalabalarKarantinda
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Малшыбаева Сәўле

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы «Балықшылық ҳәм жипекшилик» факультети
" Жипекшилик ҳәм тутшылық " қәнигелигиниң 1-курс студенти

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#TalabalarKarantinda
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Мәмбетназаров Алишер

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы Агробиология факультети
«Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологияси» қәнигелигиниң 3-курс студенти

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#TalabalarKarantinda
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Оразбаева Гүлназ

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы Агробиология факультети
«Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологияси» қәнигелигиниң 3-курс студенти

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#TalabalarKarantinda
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Сәрсенбаев Султан

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы Агробиология факультети
«Тоғайшылық» қәнигелигиниң 2-курс студенти

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#BizBirgamiz
#FoydaliKarantin

Жерге меҳир берсең, жер сени бағады

Елемесова Наргиза

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы «Дийқаншылық, аўыл хожалығы егинлери селекциясы ҳәм туқымгершилиги кафедрасы окытыўшысы

https://t.me/ToshDAU_Nukus_filiali

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.

972

obunachilar
Kanal statistikasi