Бахтияр ГЕНЖЕМУРАТОВ
ОЯНЫП АТЫРҒАН ӘСИРЛЕР ДӘРЬЯСЫ
Соңғы ўақлары "Бул дүнья дым түсиниксиз болып баратыр" деген налыныўларды жийи-жийи еситемиз.
Бул налыныўлардың да өз нызамлылығы бар.
Негизинде "дүнья дым түсиниксиз" емес, ал раўажланыўдың нызамлылығын түсинбейтуғынлар көп.
Налыныўлардың пайда болыўының да объектив, субъектив себеплери бар.
Шынын айтқанда, көпшилик "шектен шығып кетпеў қәделери"не үйретилген еди.
Бул "қәдени сақлаў" дәстүри, әсиресе, тубалаў жылларында ҳәўиж алды. Кѳпшиликтиң ойлаў, пикирлеў, болжаў ҳәм жуўмақ шығарыў уқыплығы "төртмүйешликлер" менен баҳаланды. Себеби, көпшилик ҳәмме нәрсени "төртмүйешликлер" менен өлшеп, есаплап, баҳалап үйретилди...
Бул дүньяға шырлап келген нәресте туңғыш рет Қуяштың нурын туўыў үйиндеги төртмүйешли әйнектиң тәрезесинен сезди.
Бизиң пүткил ақыл-ойымызды, пикирлеў уқыбымызды тәбийий ҳәм жәмийетлик қубылысларға деген көзқарасымызды усы төртмүйешликлер эксплуатациялап, өз диктатурасын орнатты - шегаралап таслады.
Бул шегараның ишиндеги төртмүйешликлер менен "дуўаланғанларға" усы шегарадан тысқарыдағы дүнья ҳәм түсиниксиз ҳәм қорқынышлы еди...
Ҳақыйқый шайырлар да өз алдына бир дүнья - демек, олардың төртмүйешликлер менен "санасы тутқынланғанларға" "түсиниксиз болып баратырғаны" да нызамлы.
Усындай түсиниксиз, яғный "төртмүйешлик" түсинигинен шығыңқырап кеткен шайырлардың бири - Сағынбай Ибрагимов.
Шайыр "улыў сөзлерди мен дым көп еситтим" деп басланатуғын қосығында тубалаў дәўириниң дәбдебепазлығы еле қайта қурыў дәўиринде де өмир сүрип атырғанын, усындай унамсыз қубылысларға дүньяның дәртин жүреклеринде алып жүре алатуғын ҳужданлы азаматлар гүресип атырғанын образлы философия менен сәўлелендиреди.
Жасай бериў мүмкин. Күнлерде не бар?
Түн өтсе келеди, өте береди.
Дүньяны руўхына алған адамлар,
Ҳаят мәнисине түсиник береди.
Олар синоними бәлентлик түсинигиниң,
олардың исеними - бул жақты дүнья!
Олардың синоними бәлентлик түсинигиниң,
олар синоними ҳүждан түсинигиниң!
С. Ибрагимовтың "Бесинши мәўсим" қосықлар топламы "Ўақыт ҳәм кеңислик", "Ҳәр жылларғы қосықлар", "Жоллар Алтай таўларына алып барады", "Дәптер бетлери" атлы төрт дүркиннен ибарат болып, шайырдың дебдиўлери ҳәм тәшўишлери гейде қосық қатарларына сыймай мың қубылып лаўлайды. Шайыр қосықларында өзиниң руўҳый ҳалатының көркем көриниси арқалы Адамның жәмийеттеги орнын, тәбияттың Инсан кеўил кеширмелериндеги орнын көрсетеди.
Әдебиятшылар арасында белгили бир жазыўшы яки шайыр туўралы гәп болса, "оның өзине тән ҳаўазы бар" дегенге усаған пикирлер айтыў көп ушырасып атыр.
Егер де шайырлардың талантын "өзине тән ҳаўаз" бенен баҳалар болсақ, мен оларды ҳаўазы тилинен танылғанлар ҳәм ҳаўазы жүрегинен танылғанлар деп билер едим.
С. Ибрагимовтың ырғағы - жүректиң ырғағы. Жүректиң ҳаўазы:
Барлығы адамның жүрегинен өтеди –
метеоритлер жерге қулаған,
қуўанышлар бизлер қуўанған,
мүсийбетлер бизлер қыйналған –
барлығы адамның жүрегинен өтеди,
қан тамырларымызға реңин сиңдирип өтеди.
Поэзияның қудирети, қунлылығы, оның узақ өмир сүриўиниң, мәңгилилигиниң сыры - ҳәр оқыған сайын мазмунының еле де тереңлесип барыўында, және бир дүньяның ашылыўында...Қатып қалған тар түсиниклердиң, "төртмүйешлик" лер менен шеклениўшилердиң пикирлеў уқыбы менен адамыйзат жәмийети тубалаўдың уйығына еле де бата беретуғынлығын,раўажланыўдың, ҳәтте, кейинге емес, ал бир қапталдағы қәўипли шыңыраўға қулдыраўы мүмкинлигин жас шайыр күйинип тебиренеди.Усы күйиниш - С. Ибрагимовтың жүрегинен жалаңаш жалын түринде емес, ал, метафораласқан, символласқан жалын түринде тереңнен,
жүдә тереңнен атлығып шыққан лавадай тәсиршең. Бул күйиниш улыўма адамзатқа деген муҳаббаттың жемиси:
Сизиф,
сен көрмедиң таўдың шоққысын –
бирақ көресең
соған дейинги азаплы жолды.
Ал таўдың шоққысын көре алмайсаң,
шықпайды нәлетий тас
нәлетий шоққыға –
Сизиф, сен көрмедиң таўдың шоққысын.
Художник Анри Матисс өз қәлемлеслерине: "Инсанияттың руўҳый дүньясын ашып таслаў ушын оны ҳәр тәреплеме сүўретлеў керек; қарсы алдынан, еки қапталынан, туў сыртынан, жоқарысынан, ҳәттеги төменинен" - деген еди.