Жерлеӊ, жерлеӊ, мени самал!
Дəртлеслерим келмеди.
Бийопадур бул түн маған –
Жердиӊ өлпеӊ демлери.
Мен де, сендей, еркин едим,
Қумар едим өмирге.
Сап - салқындур – муз өлигим,
Кимсе жоқ қол бериўге.
Жаў қəлбимниӊ жарақатын,
Түнниӊ мақпалы менен,
Ақ думанға жол баслатыӊ
Қураншықпасы менен.
Мен жалғызға жеӊил болсын,
Соӊғы уйқым ҳаққына:
Самал қосықларға толсын –
Мен ҳəм бəҳəр ҳаққында.
Анна Ахматова
Қарақалпақшалаған:
Б.Генжемуратов
Дəртлеслерим келмеди.
Бийопадур бул түн маған –
Жердиӊ өлпеӊ демлери.
Мен де, сендей, еркин едим,
Қумар едим өмирге.
Сап - салқындур – муз өлигим,
Кимсе жоқ қол бериўге.
Жаў қəлбимниӊ жарақатын,
Түнниӊ мақпалы менен,
Ақ думанға жол баслатыӊ
Қураншықпасы менен.
Мен жалғызға жеӊил болсын,
Соӊғы уйқым ҳаққына:
Самал қосықларға толсын –
Мен ҳəм бəҳəр ҳаққында.
Анна Ахматова
Қарақалпақшалаған:
Б.Генжемуратов