#Саламатлық
Қантлы диабетте усыныс етилетуғын өнимлер
💻The Health Site порталы қантлы диабет пенен аўырған наўқасларға гликемик индекси төмен болған мийўелер қабыл етиўди усыныс етеди. Бул индекс организмниң углеводларды сиңдириў тезлигин ҳәм соның менен бирге қандағы қант муғдарының көтерилиўин көрсетеди, деп жазады МедикФорум.
〽️Мийўелер қандағы қант муғдарын қадағалаў ушын пайдалы, қантлы диабет пенен аўырған наўқасларға да пайдалы:
🍏Алма. Олардың қурамында глюкоза муғдарын қадағалаўда нәтийжели ҳәрқыйлы азықлық элементлер, соның ишинде С витамини бар. Оның қурамындағы антиоксидантлар асқынланыўға қарсы гүреседи, өйткени асқынланыў созылмалы кеселликлер, диабет ушын да қозғатыўшы есапланады. Төмен калория ҳәм қантсыз сортларды қабыл етиў керек. Жасыл алма болса жақсы таңлаў.
🍊Апелсин ҳәм грейпфрут. Америка диабетке қарсы гүресиў ассоциациясы апелсин ҳәм грейпфруты диабет кеселлигиниң алдын алыўда ең нәтийжели өним деп есаплайды. Мәселен, орташа аўырлықтағы апельсин өзинде С витамининиң 75% күнлик нормасын сақлайды. Бул болса қант муғдары жоқары болғанда жүдә пайдалы.
🍐Алмурт. Азықлық элементлер ҳәм витаминлерге бай мийўе болып, ол аўқаттан кейин қанттың қанға сиңиўин төменлетеди.
🍑Шабдал. Витамин С дан тысқары калийге бай өним де есапланады. Бул минералдың төмен дәрежеде болыўы қанда қант муғдарының асыўына ҳәм кейиншелли 2-тур диабеттиң пайда болыўына себеп болыўы мүмкин. Қантлы диабет пенен аўырған наўқаслар рационында Калийге бай өнимлер көбирек болыўы ең мақулы есапланады.
🍋Абрикос. Ол крахмаллы өнимлерге қарағанда диабет адам рационына киргизиў ушын қәўипсизлеў ҳәм абзал мийўе саналады. Бул мийўе де шабдал сыяқлы денени жүдә көп калийге байытады.
🥝Киви. Мийўе С витамин ҳәм калийге байлығы менен ажыралып турады. 2-тур диабеттиң алдын алыў ҳәм айырым симптомларын емлеўде нәтийжели екенлиги тастыйықланған.
🔖Қәниге пикирине қарағанда, диабетке шатылған адамлар жоқарыда келтирилген мийўелерди қабыл етиўи мүмкин болса да, нормаға итибар бериўи тийис.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
❗Жақынларыңызға жибериўди умытпаң!
👉 @DENSAWLIQ_ALEMI 👈