#Саламатлық
Стоматолог алкогольдиң тиске зыяны туўралы ескертти
Шыпакерлердиң айтыўына қарағанда, қан айланыўының бузылыўы спиртли ишимликлердиң аўыз қуўыслығына тәсирин күшейтеди. Стоматолог Дмитрий Смирновтың “Sputnik” радиосына берген интервьюинде аўыз қуўыслығы жүдә көп қанға мүтәжлигин ҳәм спиртли ишимликлер оның айланысын бузыўын атап өтти. Нәтийжеде, бул жақ-тис системасының ерте жемирилиўине алып келиўи мүмкин.
«Спиртли ишимликлер қан тамырлары ҳәм микрокапиллярлардың өткериўшеңлигин бузады. Аўыз қуўыслығындағы барлық органлар: тис ети, тислер ҳәм сүйек тоқымалары жақсы қан тәмийнатына мүтәж. Алкоголь болса бул процессти бузады, сол себепли спиртли ишимликлерди турақлы ҳәм ҳәдден тыс қабыл етиў тис ҳәм тис етлериниң тезирек қартайыўына алып келеди», ‒ деп айтып өтти қәниге.
«Стоматолог қабыллаўына, емлениўге қарағанда тексертиўге барып турған мақул. Узақ ўақыт даўамында стоматологқа бармаған адамлар ушын, ўақыт табыўды мәсләҳәт беремен ҳәм барлық эпидемиологиялық шеклеўлерге қарамай, шыпакерге хабарласың. Егер көпшилик орынлар жабық болған дем алыс күнлеринде тис аўырған болса, қыстаўлы тәризде ислейтуғын стоматологияны излеў жүдә қыйын болады. Барлық машқалаларды алдыннан шешиў жақсырақ».
ҚР Денсаўлықты сақлаў миистрлиги
Мәлимлеме хызмети
❗Жақынларыңызға жибериўди умытпаң!
👉 @DENSAWLIQ_ALEMI 👈