Сағынбай Ибрагимов
ТУР ТАЎЫ ҮСТИНДЕ МУЎСА ПАЙҒАМБАР
Шөлде Тур таўының жанбаўырында
қой-қозысын жайып жүрген Муўсаға –
саза жетип келди Аршы ағладан,
Қуда оны қуллығына шақырды.
Аң-таң болып турды шопан әўеле –
жанып турды бир түп жыңғыл алдында,
узақ жанды – бирақ жанып болмады.
От ишинен оған Қуда сөйледи.
Кәраматлар берди Қуда Муўсаға,
қол бериўи ушын үммети оған –
қақ айырып берди Қызылтеңизди,
шыпырлатып шашты бөденелерди.
Қара тастан ақ булақлар ағызды...
Барлығын бул улыс көрди – барлығы
Қуданың бул елге иҳсаны еди,
булжымаўы ушын туўры жолынан.
Тур таўына түсип бултқа оранып,
шақырды Муўсаны таўдың басына –
булт ишинен турып оған сөйледи,
айтты қалай ел қылыўды бул елди.
Он ўәсият берди әўел Муўсаның
қәлбине илаҳый нур менен жазып,
және еки тақта тастың жүзине
ойып берди өшпес ҳәриплер менен.
Қан төкпең, дедилер, зинадан қашың,
зорлықтан тыйылың, баспаң әззини,
боза ишип ақыл-естен айрылмаң,
ҳәр нәрсени көриң туўры көз бенен...
Муўса елге жеткерди бул хабарды –
Қудадан қорқың ҳәм сөзин тутының,
сонда еки дүнйаң абад болады,
жетисесиз Ҳақтың раҳметине.
Муўса және кетти таўдың басына,
қырқ күн руўза тутты, Ҳаққа жалбарды.
Күни-түни бир ҳәжетин сорады –
бир дем көрмек болды Ҳақтың дийдарын.
Тәңир айтты: «Муўса, босқа урынба,
қара, деди, мына алдыңда таўға,
мен нәзер салсам – ол орнында турса,
демек, онда көре аласаң мени.
Бир уўыс күл болды таў сол демде,
бир тамшы суў болып топыраққа сиңди.
Көз алдында көринген бул сүўреттен
Муўса таў басында ҳуўшынан кетти.
Тәңир айтты: «Муўса, пайғамбарлықты,
ўәсиятларым аян китапты бердим –
китапты елге жай, ибадатта бол, –
бақыйды көрмек жоқ пәний көз бенен.
Әй, Муўса, аламан еле көп мәрте
сеннен жүз бурады – үмитиңди жойтпа.
Үмитсиз бенделерим – әсий бенделер,
дозақ оты тайын гүнакарларға».
Муўса таўдан түссе – ел жойтып оны,
өлдиге шығарып, ҳаялларының
алтын сырғаларын отта еритип –
бузаў соғып соған сыйынар еди.
Жоқлаўын асырып жолбасшысының,
усы алтын бузаў бизди Мысырдан
алып шыққан қуда, десип, умытқан
тастың жүзиндеги мәңги сөзлерди.
Муўса елин бузық көрип жылады –
неге шығып Ҳақтың берген жолынан
және сыйынасыз өли нәрсеге –
неткен парасатсыз жанлар едиңлер...
Қуданың көрсеткен туўрылық жолын
ашып бере алмас мың алтын бузаў –
неге батыл еттиңиз өзлериңизге
Қуда дәргайында бақый өмирди?!
Сизлерге сөз зая қылыў әбес, деп,
ғәзеп пенен сындырып тас жазыўды,
бузаўды қыйратып күл-талқан етип,
Муўса және Ҳақтың алдына кетти.
Муўса көксин ашып таўдың үстинде –
сорлы елине Ҳақтан иҳсан сорады:
«Өмири қуллықта өткен бенделер,
билмес едим, бунша ғапыл боларын».
Муўса айтты, маған азар берип тур
әжиз бенделердиң тоңмойынлығы –
сениң барлығыңа исенсин олар,
маған ҳүжжетли бир белги бер, деди.
Тәңир айтты: «Анаў турған жыңғылға
мен нәзер саламан – лаўлап жанады,
бирақ ҳеш-ҳеш жанып болмайды қашан
нәзеримди оннан алмағанымша...
Усы оттың шоқтай қызыл гүллерин
көзи-жәўҳарыңа жайғастырып ал –
сонда мениң нурым қәлбиңе енеди,
жүзиңде қалады оның шуғласы...
Бенде өсип турған гүлдиң жапырағын
жулады ҳәм жол шаңына таслайды –
сен оны абайлап шаңнан көтерип,
маңлайыңа сүртип сақлай билгейсең».
Тәңир және айтты: «Тақат ете бил,
тек сабырлы қулым жетер муратқа.
Бул өмир сынақдур – Тәңир алдында
адағына жетер сынақлар жолы».
Муўса Қуда менен тиллесип келип,
қырқ күн жаўлық жаўып жүрди жүзине –
Айтты: «Сыптай соқыр болып қаласыз,
көрсеңиз Ҳақ нуры енген жүзимди.
Соны билиң, қашан Ҳақтың сөзлери
енбес екен өмир жойбарыңызға,
сиңбес екен қәлб ҳәм сүйегиңизге –
Тәңирдиң жолынан жырақ боласыз.
Ўәсиятын тутың – Ҳақты табасыз,
барасыз ол ўәде еткен ўатанға.
Соған дейин қырқ жыл усы саҳрада
қаласыз, кәпирлер өлип болғанша».
Мениң де өмирим өтип киятыр,
ҳәр дем әтирапымнан от излеў менен –
жас жыңғылдың түби қызыл жалында
мудам түслериме енип шығады.
Аңсат жол – сыйыныў алтын бузаўға,
бул жолда соралмас сеннен ҳеш нәрсе –
ким қай жерде ҳәм не ушын өртенди,
ким барып лампамай қуйды үстине.
Бул саҳраның еркин самалын жутқан,
саўа әўлад қамшы қорқынышынан –
барады Жеруйық, алтын топыраққа,
Қуда ўәде еткен пайғамбарына.