Репост из: Косыкларым, бар байлыгым
Көриндиң маған
Түсинбей ҳайранман әлемниң сырын
Кеше бир гөззаллық көрсетти қырын
Бундай ҳалға сирә түспеппен бурын
Ҳәммеден дым сулыў көриндиң маған
Қарайман қасыма, бир мәўрит тынып
Қызлар күлимлесер еркелик қылып
Ал сен бар күлкиңди ләбиңе қымып
Отырғанда сулыў көриндиң маған
Көзиң әлле-неден назлы уялған
Ентигип, өзиме зорға сыярман
Бийтаныс сезимлер өтти қыялдан
Себеби дым сулыў көриндиң маған
Шийрын дәрт жамалар дәртим үстине
Я гүўа болғаным ертек мисли ме?
Бәлким шолпан көктен жерге түсти ме?
Билмеймен дым сулыў көриндиң маған
Сәтине салса да дийдар татымын
Сол күн тил қатпаға бармай батылым
Түстен кейин енди тентек ақылым
Аўа, сен дым сулыў көриндиң маған
* * *
Минсиз шырайыңның сыйқырындаман
Кеше сен дым сулыў көриндиң маған
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
12.10. 2022ж
@oyshil_qosiqlari
Түсинбей ҳайранман әлемниң сырын
Кеше бир гөззаллық көрсетти қырын
Бундай ҳалға сирә түспеппен бурын
Ҳәммеден дым сулыў көриндиң маған
Қарайман қасыма, бир мәўрит тынып
Қызлар күлимлесер еркелик қылып
Ал сен бар күлкиңди ләбиңе қымып
Отырғанда сулыў көриндиң маған
Көзиң әлле-неден назлы уялған
Ентигип, өзиме зорға сыярман
Бийтаныс сезимлер өтти қыялдан
Себеби дым сулыў көриндиң маған
Шийрын дәрт жамалар дәртим үстине
Я гүўа болғаным ертек мисли ме?
Бәлким шолпан көктен жерге түсти ме?
Билмеймен дым сулыў көриндиң маған
Сәтине салса да дийдар татымын
Сол күн тил қатпаға бармай батылым
Түстен кейин енди тентек ақылым
Аўа, сен дым сулыў көриндиң маған
* * *
Минсиз шырайыңның сыйқырындаман
Кеше сен дым сулыў көриндиң маған
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
12.10. 2022ж
@oyshil_qosiqlari