QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ


Гео и язык канала: Весь мир, Английский
Категория: не указана


《Poeziya! Ol ne? Altın ba, dúr me?
Bolmay ma olsız da ómir súrmege?》-
Der birewler. Durıs ģoy. Jasawģa boladı.
Máselen, haywanlar she? Jasamay júr me?
Поэзия шайдалары ушын @keuylge_zhol 🪁

Связанные каналы

Гео и язык канала
Весь мир, Английский
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


Репост из: KEWILGE JOL🌙
@timursulaymanov

Көмеклесемиз..!


Репост из: KEWILGE JOL🌙
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
⏳Неге келмей атырсаң?

@keuylge_zhol


Репост из: Жас дөретиўшилер
📢 Dıqqat! Dıqqat! «Jas dóretiwshiler» klubı bir jasta!

📝 Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması janında dúzilgen «Jas dóretiwshiler» klubınıń dúzilgenine bir jıl toldı.

✅ Bársheńizdi klubımızdıń bir jıllıq bayram keshesine mirát etemiz.

🕰 Waqtı: 17-dekabr, saat 10:00
📍 Mánzil: Nókis qalası, Jaslar orayı.

➡️ Jańa tolqın, jańa ádebiyat: @QRJas_doretiwshiler


ҲҮРМЕТЛИ ҲӘЎЕСКЕР ШАЙЫРЛАР!!!

"ҲӘЎЕСКЕРЛЕР ИЛҲАМЫ"НЫҢ 5-КИТАБЫНА МАТЕРИАЛЛАР ЖЫЙНАЛЫП БАСЛАҒАНЫН МӘЛИМЛЕЙМИЗ. КИТАПҚА ҲӘРБИР АВТОРДАН 5 БЕТТЕН 20 БЕТКЕ ШЕКЕМГИ МАТЕРИАЛ ҚАБЫЛЛАНАДЫ.

ТОПЛАМҒА КИРИЎДИ ҚӘЛЕЎШИЛЕР ӘБДИҚАДИР ҚАЙЫПОВТЫҢ ЯМАСА ӘБДИРАХМАН ҚОЙЛЫБАЕВТЫҢ ЛИЧКАСЫНА ХАБАРЛАСЫҢ.


Репост из: Неизвестно
Jasap jurmiz biz harkimnin omirinde
Birewdin dartlerin dastan etemiz
Har bir minut nag'iz baxit ekenin
Biz insanlar qashan añlap jetemiz

Men seniñ al sen bolsañ meniñ omirimde
Qashan jasaymiz biz oz omirimizde
Bir insannin otmishin qozģaw degen
Virus eniptiģoy pàk kewlimizge

Bir insandi mazaqlasaq quwanip
Xaq penen naxaqliqti ayralmay qaldiq
Birewdin keleshegin boljawlar menen
Eñ zor màwritlerdi otkerip aldiq

Jaqsimuratova Biybinaz


SORAWLARI KO'PDUR DU'NYANIN'

Arg'ımaq at bolıp nege shabarsan' ?
Meyli shabarsan'da, qayg'a bararsan' ?
Barg'an jerin'nen sen neni tabarsan' ?
Sorawları ko'pdur yalg'an du'nyanın' .

Ne ushın jasaysan' du'nyada o'zi ?
Jalg'annın' irastan ko'rerme ko'zi ?
Nege barlıq adamnın' jalg'andur so'zi ?
Sorawları ko'pdur jalg'an du'nyanin'.

Du'nyag'a kelgennen nedur maqsetin' ?
Maqtaw so'zdi esitsen' qanday la'zzetin' ?
Ju'regin'e battı ma, yaki ha'z ettin' ?
Sorawları ko'pdur shaxsiy du'nyanin'.

Djomolungma shın'ı qay jerde eken ?
Okeannın' tu'bi qorshalg'an ba eken ?
Gallaktika o'zi tawsılar ma eken ?
Sorawları ko'pdur sırlı du'nyanin'.

Juwapların a'lle qashan bilgensiz ,
Du'nya sorawların berip ko'rgensiz ,
Ha'tteki olarg'a juwap bergensiz ,
Juwmaqları bardur bul sorawlardın' !


Xojeli rayonı 15-sanlı mekteptin' 9-klass oqıwshısı JAQSIMURATOV Nurlıbektin' qa'leminen...


Репост из: Косыкларым, бар байлыгым
Өсекши досқа

(бир жақын достымның илтимасы менен жазылды)

Достым, аўа достай болдық бурында
"Түпәләм!" Деп қояр едим ырымға
Бирақ маған қылған исиңди көрип
Сеннен бираз қорқып қалдым шынында

Қол келипти саған аңсыз қалғаным
Өсекшилик сүйер екен талғамың
Көралмаслығыңа қапа емеспен
Аўыр батты аяғымнан шалғаның

Қыйналса тек тынбас жағың қыйналды
Лап демепсең ҳеш аўзыңа сыйғанды
Олар сеннен кеткенине көп болған
Танымайсаң инсап пенен ийманды

Шықса биреў, әтирапқа бақыр деп
"Кимге мийрим керек болса шақыр!" деп
Сол мийримди тарқатса да тегинге
Сен ойлайсаң пулға сатып атыр деп

Ойлап-ойлап келдим соңғы шараға
Суўықшылық түсти бүгин араға
Ем излеймен кеўлимдеги, сол сениң
Тикен тилиң тырнап салған жараға

Күлгим келер көзгөреки алдасаң
"Ҳүжданым таза" деп ақыл алмасаң
Таза болмай не қылады ҳүжданың?!
Туўылғалы сирә пайдаланбасаң

Айып излемейик ҳасла заманнан
Бир сораўды өткерип көр санаңнан
Күни келип усылайынша қартайсаң
Ким ақыл сорайды сендей наданнан?!

Адамгершиликтиң жетип паяны
Көп ақсапты ақылыңның аяғы
Қәдирданлық булағынан нәр алған
Сол достымды сағынаман баяғы

Жүрер жолың усы болса, жақсы бар!
Достың сени бир ўақытқа тапсырар
Бул өмирде шын жүректен қоллаўшы
Бахтымызға аман болсын жақсылар!

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)

18.10.2011ж
@oyshil_qosiqlari


Репост из: Косыкларым, бар байлыгым
Көриндиң маған

Түсинбей ҳайранман әлемниң сырын
Кеше бир гөззаллық көрсетти қырын
Бундай ҳалға сирә түспеппен бурын
Ҳәммеден дым сулыў көриндиң маған

Қарайман қасыма, бир мәўрит тынып
Қызлар күлимлесер еркелик қылып
Ал сен бар күлкиңди ләбиңе қымып
Отырғанда сулыў көриндиң маған

Көзиң әлле-неден назлы уялған
Ентигип, өзиме зорға сыярман
Бийтаныс сезимлер өтти қыялдан
Себеби дым сулыў көриндиң маған

Шийрын дәрт жамалар дәртим үстине
Я гүўа болғаным ертек мисли ме?
Бәлким шолпан көктен жерге түсти ме?
Билмеймен дым сулыў көриндиң маған

Сәтине салса да дийдар татымын
Сол күн тил қатпаға бармай батылым
Түстен кейин енди тентек ақылым
Аўа, сен дым сулыў көриндиң маған

* * *

Минсиз шырайыңның сыйқырындаман
Кеше сен дым сулыў көриндиң маған

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)

12.10. 2022ж
@oyshil_qosiqlari


Репост из: KEWILGE JOL🌙
" Қызғаныш "
Хаял кеуилинен..

Әтирап тым тырыс ақшам қараңғы,
Жарығы өшпеген мениң терезем,
Ашыулы термилер айдың қабағы,
Жолыңда көзлерим. Қашан келесең?.

Кеуилдиң хошы жоқ, кешиксең уйге,
Сенсиз тәбетимде болмайды мениң,
Телефоның байланыс узилген жерде,
Мен ойлауға қорққан, сырың бар сениң.

Хақ тәңирдиң уйи болмыс мешитте,
Болып еди ақ некемиз несипте,
Периштелер гуа болған уәделер,
Орынлауға ей суйиклим кешикпе.🧡🍃

Ей-султаным, Ей-себеби барлығым,
Тәғдир сыйы мениң саған ярлығым,
Тәңир қосқан, Бир өмирлик жолдасым,
Мениң ушын мол хикмети бар буның.🧡🍂

Гуманлансам сетең ойлар жетеледи,
Еки жәхән маған тарлық етер еди
Хәр ақшамда, Сени кутиу суйиклим,
Жәхәннамның азабынан беттер еди🧡🍂

Қызғанышта пазыйлети ышқының,
Таң қалардай жери жоқдур хеш буның,
Уй алдында жолларыңа термилип,
Отыраман хәзирлери, кешқурын...🧡🍂

"Ярың сенлик емес екен" деседи,
Кеуилимнен умитсизлик кешеди,
Қызғаныштан, ғәзеп бийлеп бойымды,
Мурынымнан салқын самал еседи.!🧡🍂

Киши емес, тусинердей жасыңда,
Айра кетер ойлар журме басыңда,
Суўық қарас қылып, мени сөксең де,
Мухаббатты сезинемен қасыңда..!

Қыялпарас болғанымба хәдден тыс,
Болсадағы маған бәрхә кеўлиң муз,
Келешекке озиң менен талпынсам,
Шаңараққа көрсетпейсең умтылыс,.!

Кошедеги дилўарыңа қызықсаң,
Кийели сол антымызды бузыпсаң,
Некелесип, кәлиманы келтирип,
Аяқ басқан кеўилиме, жазықсаң..!

Келме мейли, ақшамлары кутпейин,
Сым қақпайман, биймазалық етпейин,
Алдыңда хеш қадирим жоқ болса да,
Есик атлап озиң жоқта кетпейин..!

"Усламайман сени" деген созинди,
Еситкенде жас толтырды көзимди,
Кеўилимди ышқым ушын жазғырып,
Дарға асқым келди бугин Өзимди..!

**
Суйиклим-ау, кеўлим жарты. Әрманым,
Бир кулимлеп қара, дәртке-дәрманым,
Аман жетип, уйимизге келдиңбе?
Шаршағың бар, Жузлериңнен аңладым.

Асханаға кирмей, төрлеп журебер,
Кийимиңди шешип сонда илебер,
Кешки асқа, сени кутип таң атты,
Елестирме ыдыс-табақ еле тур..!

Болсаң егер қоңыраўымнан жалыққан,
Хеш болмаса хабар жибер халықтан,
Кеше ақшам екеўимизге ас салып,
Асханада кутип, уйықлап қалыппан..!

Сораў берсем унатпайсаң билемен,
Өзим сөйлеп, өз сөзиме кулемен,
Қудай қосқан,
перзентимниң әкеси,
Сеннен келген хәр саўдаға көнемен..

Жузиң бурып қарамайсаң мен жаққа,
Кийимиңди тығып қойдың ары-жаққа,
Қысылма хеш, койлегиңди бере-бер,
Жуўаманғой, шашылмасын хәр жақта..!

Өзгешелеу ийислери шығады,
Ботен ийис.
Хаял кеўлим уғады,
Сабын емес көз жасыма жуўаман,
Булда сирә, жазмышымның сынағы.

***
Журек жутып хасла кете алмадым,
Усылайша айды жылға жалғадым,
Кеўил дәргәйыңнан сургин етилген,
Өмир жолдасыңман.
Суйген! Әрманым...!


Мукаррама Оразбаева
2020 жыл
@keuylge_zhol 🪁


Репост из: Теңиз хаққында баллада🌊
**
Мухаббатсыз жаңаланған уй,
Өли арзыу, шириген кеуил.
Дунья дәртиң көзлериме қуй,
Жылауға да жоқ мениң ебим.

Өлсе өзи қалқыйды балық.
Жерге кирсем жолымды тоспаң..

Дым шаршадым периштең болып,
Қанатымды сындырып тасла!

Тун ярмында айтылған сөзим..
Көзим туспей ескирген қуяш,
Илхам кутип сарғайған дәптер,
Айтылмастан жоғалған гаплер,
Бир тун көрмей аққан жулдызым,
Ғумша салмай солыған гуллер...

"Қайтады" деп ескирмес сезим...

Өткермегей көпирлери қыл..
Көксим ашып куттим дәйди оқ..
Кеткениңе толдыма мың жыл?
Мың жыл болды уйқылағаным жоқ.
Дунья жалған! Жузиме қарап,
Тулпарымды қулатқан бәйги..
Тилде тәңри қолымда шарап,
Мен кеулиңе сыймаған дәйдиң.

Реңсизликке айланған кунлер..
Мен кеулиңе сыймаған дәйдиң!
Калимамды қайтарып тунлер,
Қайталайман: "Аллахым! Тәңрим!..."
Жаным алағоймайды сира,
Нәпес алыу буншелли аңсат!
Журегимде мың миллион жара!
Өкпемеде мың кесел тарқат!
Өкпемеде мың кесел тарқат!
Жақсылардың қайғысы егиз.
Белги болса жаратқан хақтан,
Әжел жеңсе, мен ушын жеңис!

Қуяш шығар. Оған бәрибир!
Нуры теспес. Журегим қатты.
Тунге дейин қыламан сабыр,
Таңға дейин излеймен хақты.
Қара, киммен? Кеулимде нала:
Аспаным жер, жеримдур аспан.

""Суйдим" дейип тәңрим алдында,
Менсизликке көнген "мусылман"!"

Басым қоя алмай ийниңе,
Адымлайман, аз қалды Махшар.
Киралмастан тәңрим уйине,
Сыбырлайман: "Аллаху Акбар"!

Мухаббатсыз жаңаланған уй,
Өли арзыу, шириген кеуил.
Бар дәртимди көзлериме қуй,
Жылауға да жоқ мениң ебим.

Сарбиназ Айтмуратова
Июль.2021ж

@sen_haqqinda🍁


Репост из: Теңиз хаққында баллада🌊
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Мен уштым асығып...

Жүзимде шаңлары узақ жоллардың,
Көзимде сағынышы айра таңлардың,
Гүўилдисин тыңлаўға қара таллардың,
Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!

Маған қанат байлап әжеп жайлары,
Сыңғырлап суў аққан жылға-сайлары,
Атландырып жаслығымның майданы,
Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!

Қанша узақ кетсем сеннен жыраққа,
Шерли қосықларың жетер қулаққа.
Әрмансыз аўнаўға ана-топыраққа,
Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!

Шертиўди сағындым Бердақ дуўтарын,
Шапсам Әжинияздың қосық тулпарын,
Көрип шарықлаған Аббаз суңқарын,
Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!

Бәҳәрин излесе жылдың қуслары,
Оларға парқсыздур жол алыслары...
Көкирекке сыймас ел толғаныслары,
Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!

Гүл былғап шақырар мухаббат бағым,
Маўқымды баса алмас жазған хатларым,
Еситтирмең айралықтың атларын,
Мен уштым асығып саған, әй, Ўатан!

📜Кеңесбай Рахманов

канал: @qaraqalpaq_bayterekleri


TEMA: QARAQALPAQSTAN.

Xalıqı bar miyirimli udayı,
Ba'rqulla miynetin isler pidayı,
To'bede turıptı tek bir QUDAYI,
Jalg'ız u'yi onin': QARAQALPAQSTAN !

Erte tan'nan shashar nurların quyash,
Bag'ında bu'lbu'ller sayrar xosh hawaz,
Esitken kewiller a'yler dilxiraj,
Tuwg'an ma'kanımız: QARAQALPAQSTAN !

Pu'tkil ja'ha'n aytar bag'ı bostan dep,
Bul eldin isleri bolmasın hesh shep,
Awır jumıstıda isleydi eplep,
Sabırlı-shıdamlı: QARAQALPAQSTAN !

Neshshe jıllar aldın qıynalıp ju'rgen,
Suwsız, jemissiz ol jasapta ko'rgen,
Bu'ginge jetiwin anıq ol bilgen,
Sabırlı-shu'kirli: QARAQALPAQSTAN !

Da'sturqanı tolı, mol jemisler bar,
Dalasında ko'plep jer, egisler bar,
Oylı, qırlı, ba'lent, qır-tegisler bar,
Baylıqlardın' ka'ni: QARAQALPAQSTAN !




NURLĪBEK JAQSIMURATOV


Репост из: Аллаяр Дарменов
Күншиллерге

Билемен мен де журт қусап жортыўды,
Тек жорғамның жүўенлери тартыўлы,
Бул шонтық жазалмайды деп жартыўлы,
Кемпир өсек етесиз сизлер мени.

Атақ алсам шатақ салған иштарлар,
«Оң болсын»ның астында да астар бар,
Сүрниксем семиз қошқарын пуштарлар,
Кир кеўил, көралмайсыз сизлер мени.

Қол силтедим өз жөнине кетер деп,
Сырттан сайып, ғажый бердиң бетер тек,
Қылығы қатыннан жаман, аты еркек,
Патлы олжа көресиз сизлер мени.

Түр тәрези, ойлар өзинше ҳәрким,
Ҳәмме батыр, билмейди нағыз мәрт ким,
Жырламайды деп бул халықтың дәртин,
Жалаға жемтик етесиз сизлер мени.

Қуўандың кетеғойса көзиң тийип,
Көз өтпесе ақыры сөзиң тийип,
Халқым ушын өлгенше басым ийик,
Елден ерек ойлайсыз сизлер мени.

Қосық күнде саўылар саўын емес,
Ел дәртинен бөлек даў даўым емес,
Аўзы жыртық өсекши жаўым емес,
Жаў санап жүре бериң сизлер мени.

Аллаяр Дарменов,
02.09.2022.


@Allayar_Darmenov




Репост из: KEWILGE JOL🌙
https://t.me/adebiyaziq


Әдебият хәм шайырлыққа қызықсаңыз әлбетте ағза болың! Пайдасы мол!


ДЫҚҚАТ ! ДЫҚҚАТ!
📢📢📢📢 Ҳүрметли "Қарақалпақ айтысы" топарының ықласбент оқырманлары ҳәм айтыскерлери!!!🔊🔊🔊

Жақын арада қарақалпақ әдебиятының уллы классик шайыры Бердақ бабамыздың туўылғанына 195 жыл толыў мүнәсибети менен топарымызда "ТАРМАҚТАҒЫ АЙТЫСКЕР" таңлаўы болып өтетуғынлығын хабарлаймыз! 📢📢📢📢📢
Бундағы мақсетимиз:
уллы бабаларымыз салған бул жолды бүгинги күнде даўам етиў , соның менен бирге бүгинги күндеги айтыстың жаңа түри болған социал тармақтағы "Қарақалпақ айтысы"ның бир қанша қәлеми ысылған айтыскерлерин журтшылыққа таныстырыў болып есапланады .

Таңлаў шәртлери:

1. Жуплықлар белгиленген ўақыттан кеш қалмай айтысқа қатнасыўы;

2. Белгиленген теманы ашып бериўге ҳәрекет етиўлери, тема дөгерегинде айтысыў;
(хәзил дәлкек пенен бир-бириниң портретин жаратыў, ҳүрмет, сыйласықты, мәдениятты сақлаған ҳалда ҳәзиллесиў);

3. Белгиленген ўақыттан кейин жазылған қатарлар есапқа алынбайды (техникалық себеплерге байланыслы 10минутқа шекем ўақыт қосып бериледи);

4.Тил тазалығына әмел қылыў, бир тилде жазыў (Зәрүрлик болса сырттан кирген сөзлерден пайдаланыўға болады );

5. Жуплықлар айтысы дәсме-дәс болыўы, хәзир жуўаплылық болыўы;

6.Таңлаўға қатнасыўшылар "Қарақалпақ айтысы" топарының турақлы ағзасы болыўы шәрт !
⬇️👩🏻‍💻⬇️⬇️⬇️⬇️
Таңлаўға асығың ! Қәўендерлер тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғаларды қолға киритпекши болсаңыз,
Дилбархан Айтжанованың
жеке бетине (личкасына) жазған ҳалда дизимнен өтиўиңизди соранамыз!
Таңлаўға старт
20-август күни бериледи☝🏻🔊🔊

БӘРШЕҢИЗДИ АЙТЫС МАЙДАНЫНДА КҮТИП ҚАЛАМЫЗ!

"Қарақалпақ айтысы" топары администрациясы!!!
https://t.me/qaraqalpaq_aytisi


Репост из: KEWILGE JOL🌙
Қосықларымды сизлерден еситиу бул улкен бахыт!! Журегиме өзгеше мийирим, жылыу болып кирдиңиз! Мен негизи мийиримге шөллеген екенмен!!
Мен сизлерди танымай-ақ сағынған екенмен🥺
Мен сизлерди қыймай қошластым🥺💛
Бозатау, Шоманай, Қоңырат шет шет районлардан келген ыхласбентлериме алғысым шексиз🥺
Бахыт дегени мумкин итибар хәм ыхлас шығар? Ким билсин!
Мениң бахытыма сизлер екен-дә жетпей журген🤲🏼💛⚘️

@keuylge_zhol 🏡


Репост из: KEWILGE JOL🌙

Показано 18 последних публикаций.

1 019

подписчиков
Статистика канала