"СОҚЫР"
(ямаса бир муҳаббат тарыйхы)
Түс ўақты... Оқыўдан қайтады қызлар,
Мектеп жолы, еки бойы қаратал.
Сол талдың астында күтеди жигит,
Бөлинип шығыўын яры арадан...
Көрисер, бирақ та сөйлей алмайды,
Қыз еди, айтыўға бир сөз таппастай.
Көзин жерге тиккен қыздың қолына,
Бир хатты услатып кетер шаппаттай...
Ҳәр күни усылай даўам етеди,
Мектепти питкерди усы тақылет.
Сөзсиз сезимлери шынайы екен,
Қосылатуғын болды ақыр-ақыбет.
Екеўиниң Айы туўып оңынан,
Көп узамай аўылда той басланды.
Ойын қурды туўысқан ҳәм дос яран,
Өз маманы некеледи жасларды...
Бәри тарқап түн ярымы аўғанда,
Елдиң көзи уйқы ушын жумылды.
Ал оларды күтер шийрин демлери,
Сулыў бөлме...
Түсирилди шымылдық...
Қандай бахыт, өз дәлийлин тапқаны,
Тил арқалы айтылмаған муҳаббат.
Сезимлерди жеткериўде дәлдәлшы,
Өзлериниң сақлаўында турар хат...
Қуўанышлы күнлер даўам етеди,
Ҳәптелер айларға жалғасып барар.
Нәзеринен шетте қалмай Қудайдың,
Асығып перзентин күтеди олар...
Ул көрди... Шукирлик етер екеўи,
Себеби қоймады Алла бийнесип,
Дейди жигит қуўанғаннан сыбырлап:
"Бахытыма илайым көз тиймесин!".
Жыл өтип жигиттиң иси жүрисип,
Тоқтамас еди-дә мийнет етиўден,
Көптен еткен нийет әмелге асып,
Бир сулыў үй салды аўыл шетинен...
Таза қоныс, тасланды таза қәдемлер,
Үшеўи бул үйге сондай жарасар!...
Кими ҳәўес етип кими қызғанып,
Әйтеўир басқаша көзде қарасар...
Ҳәзилкеш дүньяның ислери қызық,
"Жеттим" деген жерде "ойын" баслады.
Көз тийди ме яки бул да бир сынақ?!
Таза имаратты жалын қаплады...
Бөлеўли бесикте, бийғам жатырған,
Шыңғырып жылайды бир жасар бала.
Кир жайып атырған келиншек сонда,
Ишке өзин урды...
Ана ғой АНА!...
Баласы жатырған бөлмеге кирип,
Көтерди бесикте жатқан ҳалында.
Тилсиз жаў тыңлайма, аямай хасла,
Ай жүзин күйдирди әбден жалынға...
Жигит жетип келди усы ўақытта,
Екеўин де еплеп қутқарып алды.
Сыртқа шығыў бойы, басы айланып,
Түтинге туншыққан жигит те талды...
Елшилик, қоңсылар қарап турмады,
Пүткил аўыл келди толығы менен.
Және алып кетти жәбиркешлерди,
Арнайы "Тез жәрдем" көлиги менен...
Биринши жәрдеми берилди ҳәтте,
Емлеўханасына жетпестен алдын,
Бирақ түсиниксиз, неге-дур бирден,
Жигиттиң көзлери көрместен қалды...
***
Баяғы көз қызар шырай жоқ енди,
Шырайға тамсанған көзлер де соқыр,
Баласы дизеде сөйлер өзинше,
Бири биреўине сүйенип отыр...
Көрген көз буларды аяйды сирә,
Бирақ жазмышына көнген жоқ еле,
Сол жалын тез жанып, өшкени менен,
Мәңги муҳаббаты сөнген жоқ еле...
Бас иймей тәғдийри қылған ҳәзилге,
Муңаймады олар қайта түргелди,
Өмир даўам етер жыллар жалғасып,
Тағы бир ул, еки қыз сүйип үлгерди...
Баяғы жигитке келди ғаррылық,
Баяғы "сулыў"ға кемпирлик жетти.
Ақлықлар "Ата" деп бойын атқанда,
Гүмис сақаллары селкилдеп кетти.
***
Ўақыт жетип, соңғы демлер шамалап,
Биринши кемпири жанын тапсырды,
Буннан да аўыр дәрт барма еркекке?!
Бир өткен демлери есик қаўсырды...
Шығарып салыўға соңғы мәнзилге,
Барлығы жыйналды қәбир басына.
Қаттыға таңланып қарар ҳәммеси,
Соқырдың көзинен аққан жасына...
Тарқасты жақынлар, тек ғана ғарры,
Қәбирдиң қасынан қозғалмай турар,
Бул жердиң жүзинде жалғыз қалғандай,
Кеўили бир түрли, ызғардай болар...
Баласы иркилип, қарап изине:
- Әке жүр, бул тәғдийр! Болды қой жетер!
Жетеклеп апарып қояйын үйге,
Абайсыз аяғың сүрнигип кетер...
Сонда ғарры тигип муңлы нәзерин,
Улына қарады бир бастан-аяқ.
Ҳайраннан силеси қатқан балаға,
Деди ол (қолында сүйенген таяқ):
- Балам!... Көзимнен нур кеткен жоқ еле,
Жолымды көремен, аяқ басарым.
Анаңыз уялмай жасаўы ушын,
Мен өтирик "Соқыр" болып жасадым.
***
Қандай жақсы өз дәлийлин тапқаны,
Көп адамлар "Жоқ" деп билген муҳаббат.
✍Өжет Байназаров
17.01.2022
@baxadir_baynazarov
(ямаса бир муҳаббат тарыйхы)
Түс ўақты... Оқыўдан қайтады қызлар,
Мектеп жолы, еки бойы қаратал.
Сол талдың астында күтеди жигит,
Бөлинип шығыўын яры арадан...
Көрисер, бирақ та сөйлей алмайды,
Қыз еди, айтыўға бир сөз таппастай.
Көзин жерге тиккен қыздың қолына,
Бир хатты услатып кетер шаппаттай...
Ҳәр күни усылай даўам етеди,
Мектепти питкерди усы тақылет.
Сөзсиз сезимлери шынайы екен,
Қосылатуғын болды ақыр-ақыбет.
Екеўиниң Айы туўып оңынан,
Көп узамай аўылда той басланды.
Ойын қурды туўысқан ҳәм дос яран,
Өз маманы некеледи жасларды...
Бәри тарқап түн ярымы аўғанда,
Елдиң көзи уйқы ушын жумылды.
Ал оларды күтер шийрин демлери,
Сулыў бөлме...
Түсирилди шымылдық...
Қандай бахыт, өз дәлийлин тапқаны,
Тил арқалы айтылмаған муҳаббат.
Сезимлерди жеткериўде дәлдәлшы,
Өзлериниң сақлаўында турар хат...
Қуўанышлы күнлер даўам етеди,
Ҳәптелер айларға жалғасып барар.
Нәзеринен шетте қалмай Қудайдың,
Асығып перзентин күтеди олар...
Ул көрди... Шукирлик етер екеўи,
Себеби қоймады Алла бийнесип,
Дейди жигит қуўанғаннан сыбырлап:
"Бахытыма илайым көз тиймесин!".
Жыл өтип жигиттиң иси жүрисип,
Тоқтамас еди-дә мийнет етиўден,
Көптен еткен нийет әмелге асып,
Бир сулыў үй салды аўыл шетинен...
Таза қоныс, тасланды таза қәдемлер,
Үшеўи бул үйге сондай жарасар!...
Кими ҳәўес етип кими қызғанып,
Әйтеўир басқаша көзде қарасар...
Ҳәзилкеш дүньяның ислери қызық,
"Жеттим" деген жерде "ойын" баслады.
Көз тийди ме яки бул да бир сынақ?!
Таза имаратты жалын қаплады...
Бөлеўли бесикте, бийғам жатырған,
Шыңғырып жылайды бир жасар бала.
Кир жайып атырған келиншек сонда,
Ишке өзин урды...
Ана ғой АНА!...
Баласы жатырған бөлмеге кирип,
Көтерди бесикте жатқан ҳалында.
Тилсиз жаў тыңлайма, аямай хасла,
Ай жүзин күйдирди әбден жалынға...
Жигит жетип келди усы ўақытта,
Екеўин де еплеп қутқарып алды.
Сыртқа шығыў бойы, басы айланып,
Түтинге туншыққан жигит те талды...
Елшилик, қоңсылар қарап турмады,
Пүткил аўыл келди толығы менен.
Және алып кетти жәбиркешлерди,
Арнайы "Тез жәрдем" көлиги менен...
Биринши жәрдеми берилди ҳәтте,
Емлеўханасына жетпестен алдын,
Бирақ түсиниксиз, неге-дур бирден,
Жигиттиң көзлери көрместен қалды...
***
Баяғы көз қызар шырай жоқ енди,
Шырайға тамсанған көзлер де соқыр,
Баласы дизеде сөйлер өзинше,
Бири биреўине сүйенип отыр...
Көрген көз буларды аяйды сирә,
Бирақ жазмышына көнген жоқ еле,
Сол жалын тез жанып, өшкени менен,
Мәңги муҳаббаты сөнген жоқ еле...
Бас иймей тәғдийри қылған ҳәзилге,
Муңаймады олар қайта түргелди,
Өмир даўам етер жыллар жалғасып,
Тағы бир ул, еки қыз сүйип үлгерди...
Баяғы жигитке келди ғаррылық,
Баяғы "сулыў"ға кемпирлик жетти.
Ақлықлар "Ата" деп бойын атқанда,
Гүмис сақаллары селкилдеп кетти.
***
Ўақыт жетип, соңғы демлер шамалап,
Биринши кемпири жанын тапсырды,
Буннан да аўыр дәрт барма еркекке?!
Бир өткен демлери есик қаўсырды...
Шығарып салыўға соңғы мәнзилге,
Барлығы жыйналды қәбир басына.
Қаттыға таңланып қарар ҳәммеси,
Соқырдың көзинен аққан жасына...
Тарқасты жақынлар, тек ғана ғарры,
Қәбирдиң қасынан қозғалмай турар,
Бул жердиң жүзинде жалғыз қалғандай,
Кеўили бир түрли, ызғардай болар...
Баласы иркилип, қарап изине:
- Әке жүр, бул тәғдийр! Болды қой жетер!
Жетеклеп апарып қояйын үйге,
Абайсыз аяғың сүрнигип кетер...
Сонда ғарры тигип муңлы нәзерин,
Улына қарады бир бастан-аяқ.
Ҳайраннан силеси қатқан балаға,
Деди ол (қолында сүйенген таяқ):
- Балам!... Көзимнен нур кеткен жоқ еле,
Жолымды көремен, аяқ басарым.
Анаңыз уялмай жасаўы ушын,
Мен өтирик "Соқыр" болып жасадым.
***
Қандай жақсы өз дәлийлин тапқаны,
Көп адамлар "Жоқ" деп билген муҳаббат.
✍Өжет Байназаров
17.01.2022
@baxadir_baynazarov