Бахадыр Байназаров...(Өжет қосықлары)


Гео и язык канала: не указан, не указан
Категория: не указана


Бир демге умытып дүньяның исин,
Ўақытша кешейин жеткенше күшим,
Еситпей ҳәттеки жүрек урысын,
Мен бүгин тек ғана қосық жазайын...

Связанные каналы

Гео и язык канала
не указан, не указан
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


ЖЕТЕРМЕН ҚАШАН

Тамырда аққан қан бурқылдап қайнап,
Мың бир ақшамыңа белимди байлап.
Мен де жигит қусап кеуилим жайнап,
Сениң висалыңа жетермен қашан?!

Бир күлип қууалсам көзиңнен муңды,
Сен де инам етсең езиуден күлки...
Қабына сыймай жүрген сезимлеримди,
Жүйинен абайлап сөтермен қашан?!

Болған соң жалғызлық жаныма батып,
Узақ күткен "дийдар шарабы"н татып...
Сабырым қашып хəм бөлмеде жатып,
Кирип келиуиңди күтермен қашан?!

Шийрин машқала менен көшеде жүрип,
Түнлетип, жол басын үйиме бурып.
"Ыхм" деп арнайы тамақты қырып,
Айнаның қасынан өтермен қашан?!

Ақшамға жым-жыртлық мийман болған соң,
Жулдызлар жадырап хауа тынған соң,
Сен мениң халымды бəржай қылған соң,
Сениң айтқаныңды етермен қашан...

Өжет Байназаров.
24.09.2023
Атырау (Қазақстан)
@baxadir_baynazarov


ЖЫЛАН

Бир жылан бар, шақса палдай зәҳәр емес,
Ол шақпаса кеўилим жай табар емес.
Қойыныма алып жатып, сыбырлайман:
"О, Жыланым, сенсиз бәҳәр, бәҳәр емес...!

Бир жылан бар тийсе жыллы, суўық емес,
Оралады мойыныма, буўып емес.
Ол жыланды сыйпап ғана көндиресең,
Таяқ пенен түртип яки қуўып емес...

Бир жылан бар, жыланлардың сәрдары,
Көзин көрип болып едим қардары.
Сәрдарлығы мәлим болды усыдан -
- ол келгеннен басқалары тарқады...

Әй, жыланым, мың шақсаң да өлгеним жоқ,
Мың буўсаң да Әзрейлиге көнгеним жоқ.
Тағы бир рет Сени жақсы көрип қалдым,
Себеби мен Сендей жылан көргеним жоқ...

©Өжет Байназаров
Канал: @baxadir_baynazarov


"СОҚЫР"

(ямаса бир муҳаббат тарыйхы)

  Түс ўақты... Оқыўдан қайтады қызлар,
Мектеп жолы, еки бойы қаратал.
Сол талдың астында күтеди жигит,
Бөлинип шығыўын яры арадан...

Көрисер, бирақ та сөйлей алмайды,
Қыз еди, айтыўға бир сөз таппастай.
Көзин жерге тиккен  қыздың қолына,
Бир хатты услатып кетер шаппаттай...

Ҳәр күни усылай даўам етеди,
Мектепти питкерди усы тақылет.
Сөзсиз сезимлери шынайы екен,
Қосылатуғын болды ақыр-ақыбет.

Екеўиниң Айы туўып оңынан,
Көп узамай аўылда той басланды.
Ойын қурды туўысқан ҳәм дос яран,
Өз маманы некеледи жасларды...

Бәри тарқап түн ярымы аўғанда,
Елдиң көзи уйқы ушын жумылды.
Ал оларды күтер шийрин демлери,
Сулыў бөлме...
   Түсирилди шымылдық...

Қандай бахыт, өз дәлийлин тапқаны,
Тил арқалы айтылмаған муҳаббат.
Сезимлерди жеткериўде дәлдәлшы,
Өзлериниң сақлаўында турар хат...

Қуўанышлы күнлер даўам етеди,
Ҳәптелер айларға жалғасып барар.
Нәзеринен шетте қалмай Қудайдың,
Асығып перзентин күтеди олар...

Ул көрди... Шукирлик етер екеўи,
Себеби қоймады Алла бийнесип,
Дейди жигит қуўанғаннан сыбырлап:
"Бахытыма илайым көз тиймесин!".

Жыл өтип жигиттиң иси жүрисип,
Тоқтамас еди-дә мийнет етиўден,
Көптен еткен нийет әмелге асып,
Бир сулыў үй салды аўыл шетинен...

Таза қоныс, тасланды таза қәдемлер,
Үшеўи бул үйге сондай жарасар!...
Кими ҳәўес етип кими қызғанып,
Әйтеўир басқаша көзде қарасар...

Ҳәзилкеш дүньяның ислери қызық,
"Жеттим" деген жерде "ойын" баслады.
Көз тийди ме яки бул да бир сынақ?!
Таза имаратты жалын қаплады...

Бөлеўли бесикте, бийғам жатырған,
Шыңғырып жылайды бир жасар бала.
Кир жайып атырған келиншек сонда,
Ишке өзин урды...
   Ана ғой АНА!...

Баласы жатырған бөлмеге кирип,
Көтерди бесикте жатқан ҳалында.
Тилсиз жаў тыңлайма, аямай хасла,
Ай жүзин күйдирди әбден жалынға...

Жигит жетип келди усы ўақытта,
Екеўин де еплеп қутқарып алды.
Сыртқа шығыў бойы, басы айланып,
Түтинге туншыққан жигит те талды...

Елшилик, қоңсылар қарап турмады,
Пүткил аўыл келди толығы менен.
Және алып кетти жәбиркешлерди,
Арнайы "Тез жәрдем" көлиги менен...

Биринши жәрдеми берилди ҳәтте,
Емлеўханасына жетпестен алдын,
Бирақ түсиниксиз, неге-дур бирден,
Жигиттиң көзлери көрместен қалды...

***

Баяғы көз қызар шырай жоқ енди,
Шырайға тамсанған көзлер де соқыр,
Баласы дизеде сөйлер өзинше,
Бири биреўине сүйенип отыр...

Көрген көз буларды аяйды сирә,
Бирақ жазмышына көнген жоқ еле,
Сол жалын тез жанып, өшкени менен,
Мәңги муҳаббаты сөнген жоқ еле...

Бас иймей тәғдийри қылған ҳәзилге,
Муңаймады олар қайта түргелди,
Өмир даўам етер жыллар жалғасып,
Тағы бир ул, еки қыз сүйип үлгерди...

Баяғы жигитке келди ғаррылық,
Баяғы "сулыў"ға кемпирлик жетти.
Ақлықлар "Ата" деп бойын атқанда,
Гүмис сақаллары селкилдеп кетти.

***

Ўақыт жетип, соңғы демлер шамалап,
Биринши кемпири жанын тапсырды,
Буннан да аўыр дәрт барма еркекке?!
Бир өткен демлери есик қаўсырды...

Шығарып салыўға соңғы мәнзилге,
Барлығы жыйналды қәбир басына.
Қаттыға таңланып қарар ҳәммеси,
Соқырдың көзинен аққан жасына...

Тарқасты жақынлар, тек ғана ғарры,
Қәбирдиң қасынан қозғалмай турар,
Бул жердиң жүзинде жалғыз қалғандай,
Кеўили бир түрли, ызғардай болар...

Баласы иркилип, қарап изине:
- Әке жүр, бул тәғдийр! Болды қой жетер!
Жетеклеп апарып қояйын үйге,
Абайсыз аяғың сүрнигип кетер...

Сонда ғарры тигип муңлы нәзерин,
Улына қарады бир бастан-аяқ.
Ҳайраннан силеси қатқан балаға,
Деди ол (қолында сүйенген таяқ):

- Балам!... Көзимнен нур кеткен жоқ еле,
Жолымды көремен, аяқ басарым.
Анаңыз уялмай жасаўы ушын,
Мен өтирик "Соқыр" болып жасадым.

***

Қандай жақсы өз дәлийлин тапқаны,
Көп адамлар "Жоқ" деп билген муҳаббат.


✍Өжет Байназаров
17.01.2022
@baxadir_baynazarov


...*...*...*...

Қуўанғаны сыяқлы жас балалардың,
Келердағы көзиңнен нур таралар күн.
Қысқа деме қосығымды оқып болып,
Ең баслысы "Сен" деп қағаз қараладым...

Өзегимди өртер иште жанып ышқы,
Ықтыярым сол ышқыға бағынышлы.
Мен барлығын жеңермен-аў сабыр менен,
Қәйтсем екен бирақ мына сағынышты?!..

Бул да бар ма муҳәббеттиң безегинде?!,
Ләззет берер жүрегиңди езеринде.
Шайырлықты умытайын деп жүр едим,
Сөзин айтты сағыныш өз гезегинде...

Өжет Байназаров
Канал: https://t.me/baxadir_baynazarov


...*..*..*...

Бир гезлери мен бәринен шаршайман,
  Шаршайман да, қаларым бар түңилип.
Тәғдир деген уста екен ойында,
Жүрис қылып, қала берсем жеңилип,
"Ойнамайман" дейип айтқым келеди...

Бир гезлери мен бәринен шаршайман,
Шаршайман да, кеңге сыймай кетемен.
Пуш әрманлар толып жатыр қойнымда,
Соның бәрин қолтығынан жетелеп,
Аўыл бет қарай қайтқым келеди..

Өжет Байназаров
@baxadir_baynazarov




Ассалаўма әлейкум ҳүрметли поэзия ықласбентлери!
Алдыңғы "ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ" телеграм каналын басқарыў ҳуқықы мәлим себеплерге көре меннен алынып тасланды.
Соның ушын өзимниң усы атамадағы каналымды тағы ашыўға қарар еттим. Қәлесеңиз төмендеги силтеме арқалы таза каналыма қосылып қосықларым менен танысып барыўыңызға, хәмде өз жақынларыңызға канал силтемесин үлесип қойсаңызда болады.
Ҳүрмет пенен Өжет Байназаров...

Канал силтемеси👇👇👇
https://t.me/baxadir_baynazarov


АТАҢНЫҢ ҚЫЗЫСАҢ, АПАҢНЫҢ ҚЫЗЫ....

Жылама бөпе... Сен жылама бөпе!
Олай жылап мени сынама бөпе...
"Қызым!" деп билместен айтып қойсам да,
Атаңа үндеме, бола ма бөпе?!
Апаңа үндеме, бола ма бөпе...

Әкеме "ини"мен, анама "қәйни"...
Сен маған "қарындас", анаңа "бийкеш".
Сен келип ҳәммеден арылды қайғы,
Сени ҳешким енди атаңдай сүймес,
Сени ҳешким енди апаңдай сүймес...

Қалай... Мына дүнья жақсы ма екен?!
(Ямаса қорқыныш басты ма екен?!..)
"Қызым!" деп бетиңнен бир сүйип қойсам,
Атаңа үндеме, яқшы ма бөпе...
Апаңа үндеме, яқшы ма бөпе...

Сени еркелеткен батады сөзим,
Сәлдей ренжигенин сатады көзи...
Атаң ҳәм апаңа "саўға"саң бөпе,
Тек ғана қағазда "Баҳадыр қызы"...
Тек ғана атына "Баҳадыр қызы"...

Жылама бөпе... Сен жылама бөпе!

Өжет Байназаров
Феврал. 2023-ж

https://t.me/baxadir_baynazarov


БИР ЖЫЛ БОЛДЫ

Жигит едим ҳәр муқамға қулпырған,
Мәнсиз күнге өз өмирин толтырған.
Бул өзгерис көптен емес, былтырдан,
Себеп маған таўдан асып бах келди...

Болған менен жолларымда жолдас көп,
Шыннан жебеп туратуғын қолдас жоқ.
"Енди саған үй болмасаң болмас!" деп,
Қайлардан-дур кеўилиме шәрт келди...

Излеп-излеп таптым сахыйбжамалды,
Көп узамай сүйгенимди тән алдым.
Қарар етип Сени қорқпай таңлаўды,
Ойлап көрсем жүрегим де мәрт келди...

Қабыл еттим Тәңиримниң сыйы деп,
Нур таратып жүрдиң соннан үйимде.
"Үйленерсең... Үй болыўың қыйын!" деп,
Даналардың айтқан сөзи ҳақ келди...

Мәжгүн болдым әп-әнедей шайырдан,
Тап Сениң де Өжеттен жоқ айырмаң.
Таўып қосқан тәғдириме қайылман,
Минезиң де минезиме шақ келди...

Бир жыл болды, үлгериппен көниўге,
Жол қалмады ҳәр муқамға дөниўге.
Мине бүгин бөпемизди көриўге,
Сүйиклим, Отыз биринши Март келди...

Өжет Байназаров
31-март, 2023-жыл
t.me/baxadir_baynazarov


"ДЫМ ТАРҚАМАЙ АТЫРҒАНЫ-ӘЙ БУЛТЛАРДЫҢ"

Жар бойында турған Ана-тилимди,
Келе берди-аў, келе берди-аў қутқарғым...
Миллетимниң аспанынан неге-дур,
Дым тарқамай атырғаны-әй бултлардың...

Жумылмаймыз жудырықтай биригип,
Шаңы шықпас жалғыз шапқан тулпардың,
Миллетимде ондай емес неге-дур,
Аўызлары бириккиш-әй журтлардың...

Арасынан ақтараман бир шоқты,
Әллеқашан сөнип болған отлардың.
Күлден басқа дым қалмапты... Неге-дур -
Үмитленип тағы-тағы ақтардым...

Ойлаўымша бәриңизге усындай,
Ким жақламас пикиримди,
Жақлар ким?!
Өз тилимле оқылмаса, неге-дур,
Жазылыўы унамайды хатлардың...

✍Өжет Байназаров
14.05.2022

https://t.me/baxadir_baynazarov


Репост из: Рзамбетов Махмут
Молодец,Мараттын баласы,зор,окып,кууанып калдым,бизин ауылданда шайыр шыгады екен ау деп.Косыкларды окып жылап алдым,жуда тасирли
Копти корген гаррыларда буйтип
жаза алмаса керек.коз тиймесин.Уйленгенсенбе?табыслар тилеймен,Калемин откир болсын,ушы сынбасын.Абдикадир жорамыздын косыкларын окып бараман,сен оннан откердингой,менин шакиртим деп мактанатыгун еди ол.каналына агза болдым калдырмай окып бараман


ПЕРИЛЕР

Мәй толы ыдыс, қараңғы бөлме,
Жалғызлық... Аҳ, неткен жағымлы едиң.
Шамды жағып, жалғыз отырман төрде,
Жалғызлық - мийиримсиз, жанымды жедиң...

Мени аяғандай илҳам - перилер,
Кейпим асқан ўақта ойынға түсер.
Қылығы сүйкимли, назлы еркелеп,
Жаныма азарсыз мойнымды тислер.

Кәсалар қағылды, кейпимиз асты,
Бирақ ҳеш бириниң даўысы шықпас.
Мен сыйпап отырман бир қолаң шашты,
Не ләззет... Не ғәплет, ақылым уқпас.

Өзимше қайғым жоқ, бахытым пүтин,
Бизлер көз арқалы сөйлесер едик.
Темекиден шыққан көк - ала түтин,
Шамның жарығына үйлесер еди.

Мени қозғамайды ҳасла төримнен,
Даўысы шықпайтуғын нама шертилер.
Шамның шуғласында сулыў көринен,
Ярымжалаңаш, узын шашлы перилер...

..*..*..*..

Жалғызлық... Мени қай аўҳалға салдың?!..
Сениң қылмысыңды жақлайды бәри.
Перилер бир елес, атыўына таңның,
Ўақытша думандай тарқайды бәри.

Түн бойы бир ҳәлек, жары сынақлар,
Мәй берип урынар алыўға жанды.


Өжет Байназаров
Декабрь, 2022
https://t.me/baxadir_baynazarov


ЕНДИ ҚОСЫҚ ЖАЗАСАҢ БА

          "1"
Сан қыяллар арасында,
Жүриўге ҳал жарасын ба?!
Шаршадың... Қалды бир елес,
Көзлериңниң қарасында.
Келе алмай ҳеш өзиңе,
Танытпадың шамасын да,
Əбигер тартқан кеўлиңди,
Жыртық кеўил жамасын ба...
Булай жүрип не табарсаң,
Мүтəждейсең жан ашырға.
Ҳəмме мүтəж бир көмекке,
Биреў саған қарасын ба?!
Тулпар туяқтан таймаса,
Сыры оның тағасында,
Сөзден тайса қандай сыр бар?
Мынаў елдиң ағасында.
Қатыўашы қата берди,
Жаралы ел жарасында,
Ызалы кек қала берди,
Жас баланың санасын да.
Көлмеги көлге айланбай,
Берекет жоқ сағасында...
- Ойлан Өжет буннан былай,
Енди қосық жазасаң ба?

- Баяғы жыр қалып кетти,
Баяғы сөз қалып кетти,
Баўыры қумға айланған,
Əмиўдəрья жағасында...

        "2"

Арың кернеп ҳүжданыңды,
Мыңға бөлдиң бир жаныңды.
Биржағыңда суў тамбай тур,
Қум басады биржағыңды...
Əдəлатсыз қатал Дүнья,
Урып болдың урғаныңды.
Көзлериңнен қан сорғалап,
Қырып болдың қырғаныңды.
(Қашан көрдик сениң Қуяш,
Елге күлип турғаныңды?)
Шағарыңды билмей кимге,
Ишке толған муң-зарыңды.
Қара бултлар жамғыр етсин,
Айтылмаған сырларыңды,
Кетсе екен деймен жуўып,
Ҳеш болмаса бир ғамыңды.
Қəлеўшилер табылды ғой,
Халқым сениң сынғаныңды...
  -  Көремиз бе енди Өжет
Йошып қосық жазғаныңды?

- Баяғы жыр қалып кетти,
Баяғы тил қалып кетти,
Шайыр менен сəўбет қурған*
Шор дүмпектиң аржағында...

        "3"

Жап-жасыл жаз қызыл болды,
Ҳəм бояйжақ сизиң қолды.
Халқым-аў сен басқан жолда,
Өшпейтуғын изиң болды.
Əрманлары "байғуслардың"
"Қызыл көл"де жүзиў болды,
Шақысы жоқ тоқалақлар,
Бирақ ойы сүзиў болды.
Алакөздей қарсыласқан,
"Төрт көз батыр" улың болды,
Тумаристей ар санасқан,
Лалагүлдей қызың болды.
Тиси өтпей түлкилердиң,
Бəри ызың-ызың болды.
Ордасына қайтып жəне,
Басқа жойбар дүзиў болды...
Əй сонда да қыршын кеткен,
Бир орнына жүзиң болды,
Ал, бийликтиң бар билгени,
Өтирик сан сызыў болды...
  -- Көрип турып буның бəрин,
Байқайық сын бузыўыңды,
Ал, айт Өжет көремиз бе,
Қосық жазып қызыўыңды?

  - Баяғы жыр қалып кетти,
Баяғы сыр қалып кетти,
Еле басып үлгермеген,
Ойлы-бəлент узын жолда...

✍Өжет Байназаров
20.08.2022
t.me/baxadir_baynazarov


***

Кимге-дур керекпиз, кимге керексиз,
Кимге-дур саямыз, Гүжим терекпиз.
Қасында жүрсең де көрмейди биреў,
Биреўлер излейди кетсең дерексиз...

Сол ойға таламан жаздың кешинде,
Жетпедим бирақ-та анық шешимге.
"Ҳәркимниң ҳәр жерде орыны бөлек.",
Дегени атамның еле есимде...

Қәдир ҳәм сыйыңның өлшеп салмағын,
Базыда қәтержам бола алмадың.
Бир жуўап табылмай миллион сораўға,
Талай рет өзиңди өзиң алдадың...

Сағыныш ҳижранға дос болған күниң,
Алқымнан шыға алмай қысталған үниң.
Ишиңнен зар кағып үнсиз жылайсаң,
Ашылған қушағың бос қалған күни...

"Өмирде орыным кимниң қасында?!"
Усы сораў айланады басыңда.
Хурметлеп билгенди баҳалай билсең,
Салмақлы келеди қәдир тасың да...

Өжет Байназаров.
2021-жыл

https://t.me/baxadir_baynazarov


ҚЫРСЫҚ ДҮНЬЯ

Өрт қаплаған гүл бағы,
Отқа түскен гүбелек.
Жанып кетти дүньясы,
Түтеп атыр дөгерек.
Самал оған дос емес,
Шоқты қайта үрлейди.
Ҳәргиз жаўын жаўағоймас,
Қара бултлар келмейди.

Қырсық дүнья әзелден,
Керек затың таптырмас.
Сықмар дүнья әзелден,
Соранғанды жақтырмас.
Иси түскен мүтәжлер,
Бул дүньяға жағынар.
Тек бийдәртлер шығады,
Бул дүньяның ҳағынан.

Жеке өзим шаршадым,
Дүнья менен алысып.
Бәри бир жеңе алмадым,
Жулқыласып, тартысып.
Ҳалым жоқты шынында,
Енди мениң күшим жоқ.
Енди мен де "бийдәртпен",
Дүнья менен исим жоқ...

Түңилсем де өзимди,
Бийдәртлерге теңермен.
Өшим қалған дүньяны,
Бәлким сөйтип жеңермен...

Өжет Байназаров
Ноябрь. 2022

https://t.me/baxadir_baynazarov


"КӨШИП КЕЛГИМ КЕЛИП КЕТТИ ШЕГЕ АЎЫЛҒА"

Әкеме Ата-журт, анама дайы...
Атамның атызы, апамның жайы,
Усы уллы жерге аяқ басыўды,
Бир несийп әйледи маған Қудайым!

Қандайын ақ кеўил, қандайын сада,
Адамын көргенде қуўанар адам,
Кишиси сәлемин қызғанып турмас,
Үлкени "Кимсең?" деп усламас жаға...

Сөйлесе киреди иши-баўырға,
Басың да аўырмас ғаўыр-ғаўырға,
Усындай минезин көргеннен кейин,
Көшким келип кетти "Шеге аўыл"ға...

Маған таныс ийис, таныс дийдарлар,
Биринши келсем де, сондай қыялда.
Бәлким қанымызға қарысқан шығар,
Бундағы топырақ, шөби-гиялар...

Жерлери өнимдар, дәря жағасы,
Мол дақыл, қыстағы тоқлық сағасы,
Қыз-жеңгей, апайлар көмекши екен,
Мийнетке көп пискен ини-ағасы...

Көз жумбас маңлайдан урған даўылға,
Менсинбей қарайды қыйын-аўырға,
Ер-жүрек минезин көргеннен кейин,
Көшким келип кетти "Шеге аўыл"ға...

Бунда да мәселе табылар көплеп,
Ишимлик суўы да еплемей, еплеп,
Балыққа үйренген халық сергиздан,
Тартылған көллердиң балығын шөплеп...

Газы болмаса да үйде жағыўға,
Отыны көп екен қыста шабыўға,
Усындай жыңғылын көргеннен кейин,
Көшким келип кетти "Шеге аўыл"ға...

Өжет Байназаров

МОЙНАҚ р/н. ШЕГЕ АЎЫЛЫ
30.07.2021
https://t.me/baxadir_baynazarov


О МҮСӘПИР

О мүсәпир, көрген күниң қурысын...
Билип турып қылалмасаң дурысын.
Хөжейинге унамаса бир исиң,
Ақты -қара, қараны - ақ деў керек...

Унаса да, табылады тайын гәп,
Жалпаяды жағынғаның сайын тап.
Еңбегиңе алар ҳақты уўайымлап,
Күтиў керек, иш-етиңди жеў керек...

Ҳәўиж алар нарықлардың бәйгиси,
Көтерилмес, бара берер жай түсип.
Ҳәмме тири жанзаттың бар қайғысы,
Өлимтикхор қузғынға да жем керек...

Ишиң писип келмегениң мәлим деп,
Өнериңсиз қайжерде де сәниң жоқ.
Туўған жердиң сағынышы жаның жеп,
Көздиң жасын сүртетуғын жең керек.

Бийганаға қызық емес машқалаң,
Ашыўыңа орнатып ал тас қамал,
Үйиңдеги адамлардан басқаға,
Жумысыңнан басқа сениң нең керек...

Шарасызлық әкелгени билинип,
Бир гезлери қаларың бар түңилип....
Аштан қалып жатсаңдағы бүгилип,
Усындайда Ана-Ўатан сен керек...

Өжет Байназаров
2022-жыл Атыраў.

https://t.me/baxadir_baynazarov


...*...*...

Сөз күшли қурал, сүйекти тесер...
Жанға тийди өсеклериң, насағың.
Мың жеримнен мин тақсаң да өзиң бил,
Сизлер емес, өзим ушын жасадым...

Бир рет ашсам мәйхананың есигин,
Ғыйбатыңнан кеўилимди басар муң...
Бийдәртлердиң жоламадым жанына,
Сизлер емес, өзим ушын жасадым...

Қәте болсын, дурыс болсын таңлаўым,
Ол меники, басымыздан асар ким?!
Күйип-писип, тәғне тасын жаўдырмаң,
Сизлер емес өзим ушын жасарман...

Өжет Байназаров

https://t.me/baxadir_baynazarov


БУЛ ҚАНДАЙ ДҮНЬЯ


I

Яқ!...
Қәлемеймен!..
Көргим келмейди...
Қәпесте шарасыз турған Көкжалды.
-"Оннан да, соқыр болсам ғой, мейли!"
Деп жүрек қозғалды...
Жүрек қозғалды.

Еситким келмейди... Қасқырлар қалып -
- айға қарап үрген ийттиң даўысын.
Иштеги сабырдың кәсасы толып,
Ал, шыдам дегенди әбден таўыстым...

Кетип қалажақпан басымды алып,
-бул наҳақ әлемнен, напәк әлемнен...
Отырмаған ҳәрким орынын таўып -
- жаманға жағынған жалтақ әлемнен.

Қарағым келмейди бурылып артқа,
Артымда көз жаслар көл болып қалған...

II

Көз жастан жыйналған бул үлкен көлде,
Қалқып жүр дым таныс бир-еки нәрсе.
Биреўи "Ҳақыйқат", мениңше өлген,
-екиншиси "Ҳүждан"... Сол өлген дәслеп...

Көлдиң дөгереги қалың оғада,
Қаралтым жыңғыллар, қып-қызыл қамыс.
Дүт тоғай ишинен шықты жағаға,
Сүйретилип, еңбеклеп, шалажан Намыс...

Яқ!...
Қәлемеймен... Көргим келмейди!
Бийшара, қорланып қалған намысты.
Қанжарды алдым да: -"Өлсем де мейли!",
-дедим де, жүрегиме шаныштым..

Жүректен қан емес ақты көз жаслар,
Садағаң кетейин... Толған екенмен...

III

Жүректен қан емес, көз жаслар ақты,
Жеңил тартып жерге шөктим дизелеп.
Қыймас жан тәнимнен үзилген ўақты,
Бул наҳақ әлемнен қолды үземен.

Ушыўға болған мениң шексиз ҳәўесим,
Талпындырар, термилтип көкке бақтырар.
Ушайын дегенде таслап ҳәммесин,
Сырлы күш жибермей артқа тартқылар.

Яқ!..
Қәлемеймен... Қалғым келмейди!
Жаздырың желкемди, жолымды ашың.
Буннан артығына арым көнбейди,
Жибериң!...
Жибериң, жолымнан қашың!

Аҳ!.. Жанымды жегидей бул қандай азап?!
Мен усы дүньяда жүрмен бе жасап?...

Өжет Байназаров
2023-жыл
https://t.me/baxadir_baynazarov


"БҮГИН БИР ҚОСЫҚ ЖАЗАЙЫН..."

Бир демге умытып дүньяның исин,
Ўақытша кешейин жеткенше күшим,
Еситпей ҳәттеки жүрек урысын,
Мен бүгин тек ғана қосық жазайын...

Билемен ўақытша, кеўил ынжылса,
Ҳә демей қуўанар, күткен күн туўса,
Ал енди қыялым мүмкинлик болса,
Сенсиз де бир мәрте қосық жазайын...

Буўыны он бирден, қатары төртеў,
Шәрт емес оқыған жүректи өртеў,
Фантазияны қойып былай бир шетлеў,
Шынлыққа көзимди қысып жазайын...

Мен не қыялпараз болғанман сонша,
Есимди жыйнайын мийге сөз қонса,
Ышқы-муҳаббатқа берилмей онша,
Ҳеш затты ойламай қосық жазайын...

Не болар "өмирде қайғым жоқ" десем?!
Не қылар бахыттың ләбин өппесем,
Ал енди қәлемим мени сөкпесең,
Бир ойсыз адамдай қосық жазайын...

Дүньяда үш нәрсе ҳақыйқат өзи,
Муҳаббат, Әжел ҳәм Аллаҳтың көзи.
Сонлықтан зерлерге орамай сөзди,
Арасында өтирик қосып жазайын...

"Қосық - бул кеўилдиң мүлки" дегенлер,
Өзим де билемен қайғы жемеңлер,
Бүгин бир сынғанша ағаш еденлер,
Секирип-секирип йошып жазайын...

Ақыллы көринип ҳәлекке қалмай,
Отырайын пәрўайы-пәлекте жандай,
Ҳеш нәрсени сынға, нәзерге алмай,
Әпиўайы ғана қосық жазайын...

Ҳә Өжет!...  кеўилиң толдыма енди,
Бояў сиңип,  болары болдыма енди,
Илҳам қусын басыңа қондырған едим,
Ал сен болсаң бердиң оның сазайын...

✍Өжет Байназаров.
17.01.2022

https://t.me/baxadir_baynazarov

Показано 20 последних публикаций.

50

подписчиков
Статистика канала