Мукаррамаға жууап
Түни менен жамғыр аяқ көсилип
Қара бултты анда-мында көширип
Жауғанын билемен. Қорқаман бирақ...
Кетпеди ме сезимиңди өширип?
Мени теңеп турсаң əрман, жалғанға
Я ақылың меннен басқа алған ба?
Соранарым: кеуилиң бир шетинен
Мениң ушын киши орын қалған ба?
Келме депсең. Ал бунда мен интизар
Ишим дийдар сəтин күтсе дым қызар
Күндиз қыялымда болса келбетиң
Жулдызларға сүуретиңди түн сызар
Солай өтер сенсизликте ақшамым
Ойлай берип ақылымнан ақсадым
Мен өзиңе жетиу қəлеп жүргенде
Яры болып кетермисең басқаның?
Қайғырғаннан қайысады қабырғам
Керек сөзге жарлы, "жарымағыр"ман
Барғанымда көрисиуден үмитдар
Енди басқа жолдасым жоқ сабырдан
Ниетулла (ойшыл)
Түни менен жамғыр аяқ көсилип
Қара бултты анда-мында көширип
Жауғанын билемен. Қорқаман бирақ...
Кетпеди ме сезимиңди өширип?
Мени теңеп турсаң əрман, жалғанға
Я ақылың меннен басқа алған ба?
Соранарым: кеуилиң бир шетинен
Мениң ушын киши орын қалған ба?
Келме депсең. Ал бунда мен интизар
Ишим дийдар сəтин күтсе дым қызар
Күндиз қыялымда болса келбетиң
Жулдызларға сүуретиңди түн сызар
Солай өтер сенсизликте ақшамым
Ойлай берип ақылымнан ақсадым
Мен өзиңе жетиу қəлеп жүргенде
Яры болып кетермисең басқаның?
Қайғырғаннан қайысады қабырғам
Керек сөзге жарлы, "жарымағыр"ман
Барғанымда көрисиуден үмитдар
Енди басқа жолдасым жоқ сабырдан
Ниетулла (ойшыл)