Репост из: Парахат @@@@@@
Жаралы жүректиң жыры.
Сулайманов. Парахат.
Төсекти тарттырмағай бендесине.
Хожалықтың жүгин салсын еңсесине.
Есикке телмиргеннен жаманы жоқ.
Шыдаў қыйын жатқанның термесине.
Төсек деген хәз береди жатқан гезде.
Бирақ батар тастай болып, тартқан гезде.
Жети қабат салсаңдағы жатқан жанға.
Турсам дейди дәрт жанына батқан гезде.
Қәйтер едим бүгин таңым атпағанда.
Шүкир деймен қара жерде жатпағанға.
Жатсаңда несийбеңди қыспай атыр.
Қәйтер едиң я ашлықтан қақлағанда.
Тағдирдиң сынағына көнбей жүрген.
Төрт түлиги сай адамды көрмей жүрмен.
Йошып жасағандай бир күн гүбелек.
Бахытта күлмес екен күлмей жүрсем..
Қыйналсамда қуат кетип денеден.
Бир жағы кем дүньяны мен сүйемен.
Кеткенлер умытылды жылынан соң.
Сол ушын тириликти қыймай жүрмен.
2021 - жыл. 26 - октябрь.
Сулайманов. Парахат.
Төсекти тарттырмағай бендесине.
Хожалықтың жүгин салсын еңсесине.
Есикке телмиргеннен жаманы жоқ.
Шыдаў қыйын жатқанның термесине.
Төсек деген хәз береди жатқан гезде.
Бирақ батар тастай болып, тартқан гезде.
Жети қабат салсаңдағы жатқан жанға.
Турсам дейди дәрт жанына батқан гезде.
Қәйтер едим бүгин таңым атпағанда.
Шүкир деймен қара жерде жатпағанға.
Жатсаңда несийбеңди қыспай атыр.
Қәйтер едиң я ашлықтан қақлағанда.
Тағдирдиң сынағына көнбей жүрген.
Төрт түлиги сай адамды көрмей жүрмен.
Йошып жасағандай бир күн гүбелек.
Бахытта күлмес екен күлмей жүрсем..
Қыйналсамда қуат кетип денеден.
Бир жағы кем дүньяны мен сүйемен.
Кеткенлер умытылды жылынан соң.
Сол ушын тириликти қыймай жүрмен.
2021 - жыл. 26 - октябрь.