Репост из: Парахат @@@@@@
Ески досларға.
Сулайманов. Парахат.
Жаслығымды еске сала беретин,
Дослар қайда дүбеп бара беретин.
Бизди узақлатты нәлетий жыллар.
Үстимизден күлип қала беретин.
Келешек ҳаққында әрманлар сүрген.
Күнлерди сағындым айрылмай жүрген.
Жаслықты келмеске жулып әкеткен.
Тәшўишке мың нәлет үстимнен күлген.
Баяғы бала жоқ саудырап турған.
Сол баланы қатты сағынып турман.
Бала шаға баққан сеннен бурында.
Ақылым дослардан жүзлериң бурмаң.
Бас қосып қыздырып, ҳәзил дәлкекти.
Дослары бар адам дерем әуметли.
Бир биринен тәме ете бермейтин.
Сағындым баяғы бийғам сәүбетти.
Той мереке деген шәртли барасаң.
соннан артпай қалды, ҳәмме қарасам.
Баса баста жүрген дошақ жигитлер.
Дослық бундай емес меннен сорасаң.
13 - ноябрь. Нөкис. 2021 - жыл.
Сулайманов. Парахат.
Жаслығымды еске сала беретин,
Дослар қайда дүбеп бара беретин.
Бизди узақлатты нәлетий жыллар.
Үстимизден күлип қала беретин.
Келешек ҳаққында әрманлар сүрген.
Күнлерди сағындым айрылмай жүрген.
Жаслықты келмеске жулып әкеткен.
Тәшўишке мың нәлет үстимнен күлген.
Баяғы бала жоқ саудырап турған.
Сол баланы қатты сағынып турман.
Бала шаға баққан сеннен бурында.
Ақылым дослардан жүзлериң бурмаң.
Бас қосып қыздырып, ҳәзил дәлкекти.
Дослары бар адам дерем әуметли.
Бир биринен тәме ете бермейтин.
Сағындым баяғы бийғам сәүбетти.
Той мереке деген шәртли барасаң.
соннан артпай қалды, ҳәмме қарасам.
Баса баста жүрген дошақ жигитлер.
Дослық бундай емес меннен сорасаң.
13 - ноябрь. Нөкис. 2021 - жыл.