Еки ғаррының түски сәубети.
Парахат. Сулайманов.
Тохтабай ғарры.
Жора болдырыпсаң, түриң солыпты.
Қақ ериктей боларың әм болыпты.
Дем алысың бийжай, ҳауа жетпейме.
Қорқып жүрмен жорам, бурын кетпейме.
Бегжан ғарры.
Сүйретилип еле талай геземен.
Сеннен соң кетемен, соны сеземен.
Сорпаңды сапырып, ишемен жора.
Жортаға уай уай сап, деймен бийшара.
Тохтабай ғарры.
Кетсең ешегиңди, өзим аламан.
Қаңтарып қоймайман, отын саламан.
Байлаған жериңде, жети күн турды.
Ийманың жоқ екен, не қудай урды.
Бегжан ғарры.
Атасына нәлет сүйреп кетеди.
Саған қусап жақынласам тебеди.
Пәнт берейин дедим, қаңтарып қойып.
Ҳәң ашып кеттиғо, министи қойып.
Тохтабай ғарры.
Көкнардан қырқылып, иймейип қалдың.
Ызылдысы жақпас кемпирге шалдың.
Түски шайды бермей, қуўдыма сени.
Жарылқап келдиңбе, я жора мени.
Бегжан ғарры.
Қойсаңа кемпирди, гәпи жақпай жүр.
Алжыдыма деймен, басы шақпай жүр.
Қулағыда аўыр, шаршап турғанда.
Оңысық қыйынлаў, жора мағанда.
Тохтабай ғарры.
Жарма барма десем, атызда турып.
Жарылып өл дейдаў, кемпир қутырып.
Сәскеде отырмас, жарма сапырып.
Көп болды тиймеди, оған жудырық.
Бегжан ғарры.
Қалай дийханшылық, қаўын пистиме.
Жүўериң үшинши суўын иштиме.
Қый төгиппедиң әй жериң күшлиме.
Я селитр берип жүрсеңбе жора.
Тохтабай ғарры.
Ҳәммени өзиңе усата берме.
Сағанәм ақылым жолата гөрме.
Жарып берейинбе секер парадан.
Қый төктимғо жора қыста қорадан.
Бегжан ғарры.
Дәў болсаңда сумлығың жоқ садасаң.
Жетписке шықсаң да, еле баласаң.
Сорпадан дәмең жоқ сениң билемен.
Сеннен бурын кетсем, уай уай саласаң.
Тохтабай ғарры.
Шүлдир жора қойса, өлмей ақ қойса.
Сорпа ишкизейин тауығын сойса.
Кемпирге тисимиз батпай жүр бир бирақ.
Сонда да бир айлан, жора, соңырақ.
Бегжан ғарры.
Баллар ер жеткен соң кемпир қутырды.
Талай шайбас ғаррылар әм утылды.
Қарап тур айтқаным келеди еле.
Сорпаны кемпирлер, ишеди еле.
Бала гезимизде тыңлаған әңгимелерден.
Атам Тохтабай дәў ҳәм Бегжан шүлдир жора еди.
16 - декабрь. Нөкис.
Парахат. Сулайманов.
Тохтабай ғарры.
Жора болдырыпсаң, түриң солыпты.
Қақ ериктей боларың әм болыпты.
Дем алысың бийжай, ҳауа жетпейме.
Қорқып жүрмен жорам, бурын кетпейме.
Бегжан ғарры.
Сүйретилип еле талай геземен.
Сеннен соң кетемен, соны сеземен.
Сорпаңды сапырып, ишемен жора.
Жортаға уай уай сап, деймен бийшара.
Тохтабай ғарры.
Кетсең ешегиңди, өзим аламан.
Қаңтарып қоймайман, отын саламан.
Байлаған жериңде, жети күн турды.
Ийманың жоқ екен, не қудай урды.
Бегжан ғарры.
Атасына нәлет сүйреп кетеди.
Саған қусап жақынласам тебеди.
Пәнт берейин дедим, қаңтарып қойып.
Ҳәң ашып кеттиғо, министи қойып.
Тохтабай ғарры.
Көкнардан қырқылып, иймейип қалдың.
Ызылдысы жақпас кемпирге шалдың.
Түски шайды бермей, қуўдыма сени.
Жарылқап келдиңбе, я жора мени.
Бегжан ғарры.
Қойсаңа кемпирди, гәпи жақпай жүр.
Алжыдыма деймен, басы шақпай жүр.
Қулағыда аўыр, шаршап турғанда.
Оңысық қыйынлаў, жора мағанда.
Тохтабай ғарры.
Жарма барма десем, атызда турып.
Жарылып өл дейдаў, кемпир қутырып.
Сәскеде отырмас, жарма сапырып.
Көп болды тиймеди, оған жудырық.
Бегжан ғарры.
Қалай дийханшылық, қаўын пистиме.
Жүўериң үшинши суўын иштиме.
Қый төгиппедиң әй жериң күшлиме.
Я селитр берип жүрсеңбе жора.
Тохтабай ғарры.
Ҳәммени өзиңе усата берме.
Сағанәм ақылым жолата гөрме.
Жарып берейинбе секер парадан.
Қый төктимғо жора қыста қорадан.
Бегжан ғарры.
Дәў болсаңда сумлығың жоқ садасаң.
Жетписке шықсаң да, еле баласаң.
Сорпадан дәмең жоқ сениң билемен.
Сеннен бурын кетсем, уай уай саласаң.
Тохтабай ғарры.
Шүлдир жора қойса, өлмей ақ қойса.
Сорпа ишкизейин тауығын сойса.
Кемпирге тисимиз батпай жүр бир бирақ.
Сонда да бир айлан, жора, соңырақ.
Бегжан ғарры.
Баллар ер жеткен соң кемпир қутырды.
Талай шайбас ғаррылар әм утылды.
Қарап тур айтқаным келеди еле.
Сорпаны кемпирлер, ишеди еле.
Бала гезимизде тыңлаған әңгимелерден.
Атам Тохтабай дәў ҳәм Бегжан шүлдир жора еди.
16 - декабрь. Нөкис.