Репост из: Теңиз хаққында баллада🌊
**
Мухаббатсыз жаңаланған уй,
Өли арзыу, шириген кеуил.
Дунья дәртиң көзлериме қуй,
Жылауға да жоқ мениң ебим.
Өлсе өзи қалқыйды балық.
Жерге кирсем жолымды тоспаң..
Дым шаршадым периштең болып,
Қанатымды сындырып тасла!
Тун ярмында айтылған сөзим..
Көзим туспей ескирген қуяш,
Илхам кутип сарғайған дәптер,
Айтылмастан жоғалған гаплер,
Бир тун көрмей аққан жулдызым,
Ғумша салмай солыған гуллер...
"Қайтады" деп ескирмес сезим...
Өткермегей көпирлери қыл..
Көксим ашып куттим дәйди оқ..
Кеткениңе толдыма мың жыл?
Мың жыл болды уйқылағаным жоқ.
Дунья жалған! Жузиме қарап,
Тулпарымды қулатқан бәйги..
Тилде тәңри қолымда шарап,
Мен кеулиңе сыймаған дәйдиң.
Реңсизликке айланған кунлер..
Мен кеулиңе сыймаған дәйдиң!
Калимамды қайтарып тунлер,
Қайталайман: "Аллахым! Тәңрим!..."
Жаным алағоймайды сира,
Нәпес алыу буншелли аңсат!
Журегимде мың миллион жара!
Өкпемеде мың кесел тарқат!
Өкпемеде мың кесел тарқат!
Жақсылардың қайғысы егиз.
Белги болса жаратқан хақтан,
Әжел жеңсе, мен ушын жеңис!
Қуяш шығар. Оған бәрибир!
Нуры теспес. Журегим қатты.
Тунге дейин қыламан сабыр,
Таңға дейин излеймен хақты.
Қара, киммен? Кеулимде нала:
Аспаным жер, жеримдур аспан.
""Суйдим" дейип тәңрим алдында,
Менсизликке көнген "мусылман"!"
Басым қоя алмай ийниңе,
Адымлайман, аз қалды Махшар.
Киралмастан тәңрим уйине,
Сыбырлайман: "Аллаху Акбар"!
Мухаббатсыз жаңаланған уй,
Өли арзыу, шириген кеуил.
Бар дәртимди көзлериме қуй,
Жылауға да жоқ мениң ебим.
Сарбиназ Айтмуратова
Июль.2021ж
@sen_haqqinda🍁
Мухаббатсыз жаңаланған уй,
Өли арзыу, шириген кеуил.
Дунья дәртиң көзлериме қуй,
Жылауға да жоқ мениң ебим.
Өлсе өзи қалқыйды балық.
Жерге кирсем жолымды тоспаң..
Дым шаршадым периштең болып,
Қанатымды сындырып тасла!
Тун ярмында айтылған сөзим..
Көзим туспей ескирген қуяш,
Илхам кутип сарғайған дәптер,
Айтылмастан жоғалған гаплер,
Бир тун көрмей аққан жулдызым,
Ғумша салмай солыған гуллер...
"Қайтады" деп ескирмес сезим...
Өткермегей көпирлери қыл..
Көксим ашып куттим дәйди оқ..
Кеткениңе толдыма мың жыл?
Мың жыл болды уйқылағаным жоқ.
Дунья жалған! Жузиме қарап,
Тулпарымды қулатқан бәйги..
Тилде тәңри қолымда шарап,
Мен кеулиңе сыймаған дәйдиң.
Реңсизликке айланған кунлер..
Мен кеулиңе сыймаған дәйдиң!
Калимамды қайтарып тунлер,
Қайталайман: "Аллахым! Тәңрим!..."
Жаным алағоймайды сира,
Нәпес алыу буншелли аңсат!
Журегимде мың миллион жара!
Өкпемеде мың кесел тарқат!
Өкпемеде мың кесел тарқат!
Жақсылардың қайғысы егиз.
Белги болса жаратқан хақтан,
Әжел жеңсе, мен ушын жеңис!
Қуяш шығар. Оған бәрибир!
Нуры теспес. Журегим қатты.
Тунге дейин қыламан сабыр,
Таңға дейин излеймен хақты.
Қара, киммен? Кеулимде нала:
Аспаным жер, жеримдур аспан.
""Суйдим" дейип тәңрим алдында,
Менсизликке көнген "мусылман"!"
Басым қоя алмай ийниңе,
Адымлайман, аз қалды Махшар.
Киралмастан тәңрим уйине,
Сыбырлайман: "Аллаху Акбар"!
Мухаббатсыз жаңаланған уй,
Өли арзыу, шириген кеуил.
Бар дәртимди көзлериме қуй,
Жылауға да жоқ мениң ебим.
Сарбиназ Айтмуратова
Июль.2021ж
@sen_haqqinda🍁