БУЛ ҚАНДАЙ ДҮНЬЯ
I
Яқ!...
Қәлемеймен!..
Көргим келмейди...
Қәпесте шарасыз турған Көкжалды.
-"Оннан да, соқыр болсам ғой, мейли!"
Деп жүрек қозғалды...
Жүрек қозғалды.
Еситким келмейди... Қасқырлар қалып -
- айға қарап үрген ийттиң даўысын.
Иштеги сабырдың кәсасы толып,
Ал, шыдам дегенди әбден таўыстым...
Кетип қалажақпан басымды алып,
-бул наҳақ әлемнен, напәк әлемнен...
Отырмаған ҳәрким орынын таўып -
- жаманға жағынған жалтақ әлемнен.
Қарағым келмейди бурылып артқа,
Артымда көз жаслар көл болып қалған...
II
Көз жастан жыйналған бул үлкен көлде,
Қалқып жүр дым таныс бир-еки нәрсе.
Биреўи "Ҳақыйқат", мениңше өлген,
-екиншиси "Ҳүждан"... Сол өлген дәслеп...
Көлдиң дөгереги қалың оғада,
Қаралтым жыңғыллар, қып-қызыл қамыс.
Дүт тоғай ишинен шықты жағаға,
Сүйретилип, еңбеклеп, шалажан Намыс...
Яқ!...
Қәлемеймен... Көргим келмейди!
Бийшара, қорланып қалған намысты.
Қанжарды алдым да: -"Өлсем де мейли!",
-дедим де, жүрегиме шаныштым..
Жүректен қан емес ақты көз жаслар,
Садағаң кетейин... Толған екенмен...
III
Жүректен қан емес, көз жаслар ақты,
Жеңил тартып жерге шөктим дизелеп.
Қыймас жан тәнимнен үзилген ўақты,
Бул наҳақ әлемнен қолды үземен.
Ушыўға болған мениң шексиз ҳәўесим,
Талпындырар, термилтип көкке бақтырар.
Ушайын дегенде таслап ҳәммесин,
Сырлы күш жибермей артқа тартқылар.
Яқ!..
Қәлемеймен... Қалғым келмейди!
Жаздырың желкемди, жолымды ашың.
Буннан артығына арым көнбейди,
Жибериң!...
Жибериң, жолымнан қашың!
Аҳ!.. Жанымды жегидей бул қандай азап?!
Мен усы дүньяда жүрмен бе жасап?...
Өжет Байназаров
2023-жыл
https://t.me/baxadir_baynazarov