Таңлаў бир басқышта, яғный Қарақалпақстан Республикасы көлеминде өткериледи.
Таӊлаўға төмендеги бағдарлар ҳәм шәртлер бойынша социаллық видеороликлер қабыл етиледи:
-социаллық видеоролик 3 минуттан аспаўы, алдын ҒХҚлар, социаллық тармақларда жәрияланбаған, жаңа ҳәм сапалы (заманагөй видеокамераларда сүўретке алынған) ҳәм қарақалпақ тилинде таярланған болыўы керек;
-руўхый-тәрбиялық көринислер (бунда сәлемлесиў әдеби, үлкенге ҳүрмет, кишиге изетте болыў, мийнетсүйиўшилик, ҳадаллық, туўры сөйлеў, мәртлик ҳәм китапқумарлық сыяқлы сюжетлерге итибар қаратыў мақсетке муўапық);
-үрп-әдет, миллий қәдириятлар (бунда халқымыз тәрепинен әсирлер даўамында қәдирленип киятырған миллий мийрасларымыз, дәстүрлеримизге байланыслы темаларды сәўлелендириў мүмкин);
-Ана тили - миллет мақтанышы (бунда қарақалпақ тилинде таза сөйлеўди жасларға үгит-нәсият ететуғын көринислер, өз тилин әзиз ҳәм муқаддес есаплайтуғын, халқымыз, әсиресе жаслар арасындағы ана тилимизге болған ҳүрмет ҳәм итибар сәўлеленген унамлы ҳәм унамсыз сюжетлерге итибар қаратыў керек);
-әдебий шығармаларда тилди улығлаў (бунда тек ғана белгили бир шайырдың яки жазыўшының, өзиниң шығармасын оқып бериў үстинлик бермейди. Видеороликте шығарма мазмунына сәйкес миллий көринислер сәўлелениўи тийис).
Видеороликлер усы жылдың 23-ноябрине шекем Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиӊ электрон (
@n_shinnazarov) мәнзили арқалы қабылланады ҳәм 25-ноябрь күни жеңимпазлар анықланып, Қарақалпақстан телерадиоканалы ҳәм бөлимниң
@QR_ruwxiyliq телеграм каналында 2-декабрь сәнесине шекем жәрияланып барылады.
Жеңимпазларды биринши, екинши ҳәм үшинши орынлар және қосымша еки хошаметлеўши номинациялар менен сыйлықланып, Республикалық бөлим тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм
4 000 000, 3 000 000, 2 000 000, сондай-ақ ҳәр бир номинация жеңимпазы
500 000 сўмнан ақшалай сыйлықланады.
Таңлаў Режеси менен төменде толық танысыўыңызға болады.
Мағлыўмат ушын телефонлар: (61) 224-13-21, (97) 655-66-20
Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы
@QR_Ruwxiyliq